Өзбекстан Республикасының «Қурал ҳаққында»ғы нызамының 39-статьясына тийкарланып Ишки ислер министрлигинде ўақыя орынларынан алынған қураллардың, сондай-ақ, кесилген стволлы пуқаралық ҳәм хызмет оқ атар қуралларынан бақлаў тәртибинде атылған, қураллардың излери бар оқ, гильза ҳәм патронлар массивинен ибарат болған Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик оқ-гильзатекасы шөлкемлестирилмекте.

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы ИИМниң Баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, ишки ислер уйымларының аймақлық экспертлик-криминалистика бөлимлеринде 2019-жыл февральдан июньге шекем оқ-гильзатека лабораторияларында оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары әмелге асырылған.

Хабарда айтылыўынша, Бүгинги күнде ишки ислер уйымларының аймақлық эксперт-криминалистика бөлимлериниң оқ-гильзатека лабораториялары талапларына сәйкес келеди. Айтып өтилиўинше, пуқаралық ҳәм хызмет оқ атар қуралларынан, сондай-ақ, кесилген стволлы оқ атар қураллардың нызамсыз айланысынан алынып, бақлаў тәртибинде атылған қураллардың излери бар оқ ҳәм гильзалардың үлгилерин алып, Мәмлекетлик оқ-гильзатекасын қәлиплестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы ИИМ Эксперт-криминалистика бас орайына жибериў имканиятына ийе. Бул болса өз гезегинде Мәмлекетлик оқ-гильзатекасы бойынша есапқа қойыў ҳәм тексериў процесин тезлетеди.

Өзбекстан Республикасы ишки ислер уйымларында баллистикалық лабораториялар жумысының жолға қойылыўы тергеў-оператив уйымларының жумысы ушын жынаятларды ашыў ҳәм алдын алыўда айрықша әҳмийетке ийе болған заманагөй криминалистикалық мәлимлемелер базасын жаратады.

ӨзА