«Өзлигин аңлаған, келешегине бийпәрўа болмаған ҳәр бир инсан ямаса сайлаўшы даўыс бериўдиң ақыбетин толық аңлаўы зәрүр».
«Алдымыздағы сайлаўлар жаңа шараятта, жаңа ҳуқықый тийкар – Сайлаў кодексине әмел еткен ҳалда өтеди».
Сайлаў ҳаққында сөз болса, ол өз аты менен кимдидур, мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын сайлаў ямаса таңлаў процеси екени түсиниледи. Сайлаўда кандидатурасы қойылған, сайланатуғын шахс болса, халықтың, мәмлекеттиң кейинги турмысында оғада әҳмийетли, шешиўши орын ийелейди. Яғный ол мәмлекетлик басқарыўда қатнасады.
Демек биз кимдидир сайлар екенбиз, әне сол ҳуқықымызды оған исенип тапсырамыз. Айтайық депутатлыққа кандидаты қойылған талабанға даўыс бердиңиз. Ол сайланғаннан кейин сиз ҳәм сиз сыяқлы оған даўыс берген адамлар атынан жумыс алып барады.
Сондай-ақ, ҳәр бир пуқараның өзи де сайланыў ҳуқықына ийе.
Бир қарағанда жүдә әпиўайы, бирақ нәтийжеси ямаса ақыбети оғада жоқары болған сайлаў процесине итибарсызлық пенен қарап болмайтуғынын енди түсинген шығарсыз?
Сайлаўлар ҳаққында көп айтылған, жазылған. Бирақ усы ўақытқа шекем көпшилик жағдайларда сайлаўдың түп мәниси қалып қойып, оны көтериңки сөзлер менен тәрийплеп келгенбиз. Мәселен, «Сайлаў-демократияның айнасы», деген сөзлер бәршеге бирдей яд болып кеткен. Ҳақыйқатында сондай, бирақ…
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирзо-Улуғбек АБДУСАЛОМОВ ӨзАның хабаршысы менен сәўбетте сайлаўға байланыслы айырым кемшиликлер ҳәм алдымызда турған үлкен әҳмийетли ўазыйпаларды да атап өтти.
Еркин пикирлеўге, ашық-айдынлыққа қарай қәдем қойған жәмийетимизде болатуғын гезектеги сайлаўлар жаңа шараятта, жаңа ҳуқықый тийкар – Сайлаў кодексине әмел еткен ҳалда өтетуғынын, бул ҳүжжетти оқыса, әпиўайы пуқара да түсинетуғынын ол айрықша атап өтти.
-Пүткил дүньяда сайлаўларға айрықша итибар менен қаралады, – дейди М.Абдусаломов. – Өйткени сайлаўлар арқалы мәмлекетлик ҳәкимияттың бас буўыны қәлиплестириледи. Мәмлекетлик басқарыўға мүнәсип адамлардың келиўи мәмлекеттиң тек ғана кейинги тәғдирин емес, ал дүньядағы орнын да белгилеп береди.
Сонлықтан да раўажланған мәмлекетлерде сайлаўлар күшли бәсеки, тартысыў ҳәм қатаң гүреслер астында өтетуғынлығы сыр емес. Енди өзимизде болған сайлаўларға нәзер тасласақ, бизде сайлаўдың ақыбетин терең аңлап даўыс бериўшилер көпшиликти қурайды, деп айта алмаймыз. Бул гәплер, әлбетте, Президент сайлаўына байланыслы емес. Бул сайлаўдың әҳмийетин халқымыз жүдә жақсы түсинеди ҳәм соған жараса мүнәсибетте болғанлығын 2016-жыл 4-декабрьде болып өткен Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў анық көрсетти.
Бирақ парламентке, жергиликли Кеңеслерге болатуғын сайлаўларға болған мүнәсибет, анығын айтқанда бундай емес. Бул сайлаўға көпшиликтиң ықтыярлы түрде емес мәжбүрликтен баратуғыны да сыр емес. Мәҳәлледен ямаса сайлаў комиссиясынан айтты ямаса бармасам қоңсылардың алдында нақолай, деп сайлаўға баратуғынлар көплеп табылады. Талабанлар ҳаққында анық түсиникке ийе болмай турып, биреўин шамалап таңлап даўыс бериў жағдайлары болмаған, десек жалған айтқан боламыз.
Әдетте, бир күнлик сайлаў гә анаў гә мынаў түрде өтип кетеди. Кимлердур депутатлыққа сайланады. Жүдә көпшилик негизинде олар өз ўәкиллери екенлигин есинен шығарып, енди депутатты ямаса сенаторды тынбай қаралайды. Оны ким сайлаған, неге ол жақсы жумыс ислемейди ямаса сайланғаннан кейин алдымызға келмей қойды, деген гәплер тез-тезден қулаққа шалынады. Сонда бул ушын ким көбирек айыплы, деген сораў туўылады. Хош, ким?
Әлбетте, мүнәсип емес депутат ямаса сенатордың парламенттен орын ийелеўинде биринши гезекте сайлаўшының үлеси, айыбы бар екенлигин айтыў керек. Ақыры ҳәр бир пуқараның сайлаўда даўыс бериўдей ҳуқықы қутыға бир бөлек қағаз таслаўдан ибарат емес.
Өзлигин аңлаған, келешегине бийпәрўа болмаған ҳәр бир инсан ямаса сайлаўшы даўыс бериўдиң ақыбетин толық аңлаўы зәрүр. Еле сайлаў басланбай турып, бул процесстиң төркининде не жатыр, қандай нәтийже береди, деген сораўларға ҳәр биримиз ойланыўымыз керек.
– Сайлаўда биринши мәрте қатнасатуғын жаслар ҳаққында қандай пикирдесиз? Олар тек қызыққаны ямаса сайлаў участкасынан саўға алыў ушын баратуғындай. Пуқаралардың сайлаў мәденияты, жуўапкершилиги сиясий сананың қәлиплесиўине де байланыслы болып табылады, бәлким?
– Шынында да, инсан ер жетер екен, яғный 18 жасқа толғаннан кейин, ол жәмийетте өз орнына ийе шахсқа айланады. Ол пикир билдириў, даўыс бериў ҳуқықына ийе болады. Жәмийет ямаса мәмлекет де өз гезегинде, оның пикир усынысы менен есапласады.
Дурыс, бүгинги жасларымыз мәлимлеме технологияларын, заманагөй билимлерди ийелеп атырған саналы ул-қызлар есапланады. Бирақ биз оларды ер жеткенине шекем тәрбиялаўда тек ғана ҳуқық ҳәм миннетлемелерин улыўмалық тәртипте түсиндириў менен шекленип қалмақтамыз, десем асыра айтқан болмайман. Сиясий сана, сиясий жетиклик сыяқлы түсиниклерди еле ер жетсе билип алады, деген көзқараслар да жоқ емес. Бирақ ер жеткен жигит-қызлардың сиясий билимлерине нәзер тасланса, бул надурыс көзқарас екенлиги сезилмекте. Мине усы кемтикликлерге итибар қаратыў ҳәм сапластырыў ўақты келди. Жуўапкер қәнигелеримиз перзентлеримизде балалығынан сиясий мәдениятты қәлиплестириўге итибар қаратыўы жүдә зәрүр. Өйткени, ер жеткен шахс сиясий майданға саналы түрде кирип келиўи керек.
Хабарыңыз бар, 2019-жылдың декабрь айында мәмлекетимизде парламент ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди. Жақында қабыл етилген Өзбекстан Республикасының сайлаў кодекси бул әҳмийетли сиясий процесске таярлықтың басланыўы болды. Кодекс сайлаў өткериў процесиниң ҳуқықый тийкарларын белгилеп берди.
Жаңа кодекстиң мәнисин жасларға сиңдириў жумысларын баслап жибердик. Усы мақсетте Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамы арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды. Жаслардың сайлаў процесслеринде белсендилик пенен қатнасыўын тәмийинлеўге байланыслы бирге ислесиў бойынша қоспа илажлар бағдарламасы да тастыйықланды.
Мәмлекетимиз халқының 17 миллионнан асламын қурайтуғын жаслардан 2 миллионнан асламы быйыл болып өтетуғын сайлаўларда биринши мәрте қатнасады.
Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың сиясий ҳәрекети күн тәртибимизде жоқары орында турады. Соның ушын да Ҳаял-қызлар комитети менен де ҳаяллардың белсендилигин арттырыўға қаратылған келисим ҳүжжети дузилди.
–Сайлаў кодексине тоқтап өттиңиз. Бул ҳүжжеттиң қабыл етилиўине қандай зәрүрлик бар еди?
–Өзбекстан сайлаў нызамшылығы бестен зыят нызам ҳәм көплеген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерден қуралған еди. Бул, әлбетте,өзине жараса қыйыншылықларды келтирип шығарып атырған еди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 22-декабрьде Олий Мажлиске жоллаған Мүжәжатында усы машқалаға итибар қаратты. Сайлаўға байланыслы нызам ҳүжжетлери елеге шекем бир пүтин ҳүжжет қәлпине келтирилмегенлигин атап өтип, халықаралық нормалар менен стандартларға жуўап беретуғын бирден-бир Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў зәрүр екенлигин атап өткен еди.
Усы қойылған ўазыйпадан кейин мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте сайлаўға байланыслы барлық ҳуқықый нормаларды өз ишине алған бир пүтин нызам жүжжети-Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси ислеп шығылды ҳәм қабыл етилди.
Кодексти ислеп шығыўда 20 дан аслам мәмлекет, соның ишинде, Франция, Италия, Канада, Болгария, Беларусь, Әзербайжан, Балтықбойы мәмлекетлери ҳәм басқалардың сайлаў нызамшылығына байланыслы тәжирийбелери тиккелей сол мәмлекетлерге барып үйренилгенин, 50 ден аслам мәмлекеттиң нызамшылығы болса талланғанлығын айтып өтиў керек.
Кодекс жойбары кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткерилиўи менен бирге халықаралық шөлкемлерге бийғәрез халықаралық экспертиза ушын усынылды. Бул бағдарда Европа қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының усыныслары, сондай-ақ, Европа Кеңесиниң Венеция комиссиясы, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) Атқарыў комитети ҳәм басқалардан пикир усыныслар алынды.
Сайлаў кодексиниң жойбары бойынша мәмлекетимизде үш жүзге шамалас илаж өткерилди. Оларда 30 мыңнан аслам адам қатнасты. жәми 450 ден зыят усыныс келип түсти. Әҳмийетли тәрепи, олардың көпшилиги кодексте өз сәўлелениўин тапты.
Бүгин дүньяда еки жүзге шамалас мәмлекет бар. Бирақ халықаралық норма ҳәм стандартлар тийкарында ислеп шығылып, улыўма тән алынған халықаралық сайлаў стандартларына сай, пуқта, қолайлы ҳәм бир пүтин қәлипте қабыл етилген бундай жетик кодексти жаратыў санаўлы мәмлекетлерге ғана несип еткен.
–Сайлаў кодексиниң ең әҳмийетли тәрепи ҳәм ондағы жаңалықлар нелерден ибарат?
-Кодекстиң ең әҳмийетли тәрепи – оның халықшыллығы, деп биймәлел айтыўға болады. Оның жаратылыўында тек ғана сайлаў бойынша топланған тәжирийбе емес, ал халқымыздың әсирлер сынағынан өткен миллий дәстүр ҳәм үрп-әдетлери де оның идеялық жақтан мазмунына сиңдирилгенлиги буған тийкар жаратты.
18 бап ,103 статьядан ибарат кодексти оқыған адам оннан сайлаўға байланыслы барлық сораўына жуўап таба алады. Әпиўайы ҳәм түсиникли түрде билдирилген нормаларды әпиўайы сайлаўшы оқыса да биймәлел түсинеди.
Кодекске бола, сайлаўлар, улыўма тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў арқалы ашық-айдынлықта өткериледи.
Сайлаў кодексинен усы ўақытқа шекем миллий сайлаўшылығымызда болмаған онлаған жаңа норма ҳәм қағыйдалар орын алды, әмелде болған айырым тәртип-қағыйдалар бийкар етилди. Соның ишинде, Олий Мажлис Нызамшылық палатасында әмелдеги 150 депутатлық орын сақлап қалынған ҳалда, депутатлық орынлары ушын Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ўәкиллерине квота ажыратыў тәртиби бийкар етилди.
Енди депутатлыққа талабан көрсетиў тек ғана сиясий партиялар тәрепинен әмелге асырылады. Бурынлары бундай имканият пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, инталы топарларда да бар еди. Сиясий партиялардың абырайын арттырыў, олар арасында саламат бәсекини күшейтиў көзқарасынан усы тәртип енгизилди.
Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери сайлаўда дәслепки рет бақлаўшы сыпатында қатнасып (бул қурамда барлық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери де бар), оның қалыс, ашық-айдын өтиўин тәмийинлеўге үлес қосады.
Және бир жаңалық, сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими қәлиплестириледи ҳәм ол кодекс пенен тәртипке салынады. Сиясий партиялар тәрепинен қол таңба жыйнаў процесинде сайлаўшылар оннан кейин бир ямаса бир неше талабанды ямаса партияны қоллап-қуўатлап қол қойыўы мүмкин.
Нызамшылық палатасына, жергиликли Кеңеслерге сайлаў бир ўақытта өткерилген жағдайда бирден-бир сайлаў участкалары дүзиледи. Сайлаўда даўыс бериў ўақтының басланыўы бурын 6.00 да еди. Бул болса сайлаў қыс күнлеринде участкаларда жумыс алып барыўшыларға, әлбетте, қыйыншылық туўдырған. Соны есапқа алып ҳәм халықтың усынысы тийкарында бул ўақыт 8.00 етип белгиленди.
Алдымыздағы сайлаўлар биринши мәрте Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси тийкарында өтеди. Ҳәзирги ўақытта тийкарғы итибарымыз – кодекстиң мазмун-мәнисин халыққа жеткериўде. Бул системалы түрде баслап жиберилди. Тек ғана бул ҳүжжет емес, ал сайлаўда ҳәр бир адам түсинген ҳалда даўыс бериўи ушын зәрүр үгит-нәсият жумысларының көлеми де кеңеймекте.
Кейинги үш жыл мәмлекетимиз тарийхында жаңа процесслер өтип атырғанлығы менен дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартпақта. Адамларымыздың ўақыяларға болған көзқараслары да пүткиллей өзгерди. Сайлаў да соған байланыслы, яғный, шын мәнисинде жоқары демократиялық түрде өтиўи керек. Мәмлекетте өткен сайлаўдың халықаралық көлемде тән алыныўы усы елге болған көзқарасты белгилеп береди. Мәмлекеттиң абырай-мәртебеси беккемленеди, елимизге болған қызығыўшылық, тилеклеслик артады. Бул болса, өз-өзинен сырт ел инвестицияларына да кеңнен жол ашады.
ӨзАның хабаршысы
Норгул АБДУРАИМОВА
сәўбетлести.