Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар елимиздиң жәмийетлик-сиясий, социаллық-экономикалық турмысының түрли тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызам жойбарларын додалады.

Атап айтқанда, мәжилис басында «Атом энергиясынан тынышлық мақсетлеринде пайдаланыў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды. Бул жойбар Нызамшылық палатасының усы жылдың 5-мартында өткен мәжилисинде биринши оқыўда көрип шығылып, концептуаллық жақтан мақулланғанлығын атап өтиў зәрүр. 13-июндеги мәжилисте болып өткен қызғын додалаўлар даўамында болса атом энергетикасы тараўы мәмлекеттиң социаллық-экономикалық турмысында оғада әҳмийетли екенлиги есапқа алынып, оны және де жетилистирип, дийдине жеткериў, тиккелей ислейтуғын нормалар менен байытыў мақсетинде жуўапкер комитетке қайтарылған еди.

Өткен ўақыт аралығында жумысшы топар усы нызам жойбарын дийдине жеткериў ҳәм екинши оқыўға таярлаў процесинде бир қатар жумысларды әмелге асырды. Соның ишинде, депутатлар, тараў қәнигелери және экспертлер тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар жумысшы топардың мәжилислеринде үйренилип, және де жетилистирилди.

Депутатлардың усыныслары тийкарында атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, усы тараўды мәмлекет тәрепинен тәртипке салыўда қатнасыўшы басқарыўшы ҳәм қадағалаўшы уйымларды анық белгилеў мақсетинде жаңадан статьялар киргизилди. Нызам жойбарында атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы лицензияланатуғын жумыс түрлери анық белгиленип, лицензиялаў ушын қойылатуғын тийкарғы талаплар да түсиндирилди. Тараўда әмелге асырылатуғын мәмлекетлик қадағалаў, бул қадағалаўдың бағдарлары, қадағалаўды әмелге асырыўшы уйымлар анық белгилеп берилди.

Усы нызам жойбары Өзбекстанда атом энергетикасын раўажландырыў ҳәм бул тараўдағы қатнасықларды тәртипке салыўда ҳуқықый тийкар жаратады.

Итибарлы тәрепи, нызам жойбарын екинши оқыўға таярлаў процесинде бийғәрез экспертлер, жәмийетшилик ўәкиллери де белсендилик пенен қатнасты. Әне усындай мазмунлы ис-ҳәрекетлер, нызамшылық техникасының талаплары орынланғаннан соң жойбар ҳәр тәреплеме таяр ҳалатына келтирилди.

Мәжилисте кәсиплик аўқамларын шөлкемлестириў ҳәм олардың жумысы, пуқаралардың кәсиплик аўқамларына бирлесиў ҳуқықларын әмелге асырыў тараўындағы социаллық қатнасықларды тәртиплестириў мақсетинде ислеп шығылған «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы нызам жойбарын додалаў да қызғын өтти. Депутатлар тәрепинен ислеп шығылған бул ҳүжжет арқалы мәмлекетлик уйымлар, жумыс бериўшилер менен кәсиплик аўқамлары арасындағы өз-ара қатнасықлар тәртипке салынбақта. Соның ишинде, кәсиплик аўқамларына социаллық-экономикалық мәселелердеги қарарлар қабыл етилип атырғанда оған қатнасыў, бәнтликке көмеклесиў, мийнетти қорғаў ҳәм хызметкерлердиң ҳуқықларын қорғаў, жол қойылған кемшиликлерди сапластырыўды сорап усыныс киргизиў, хызметкерлерди ғалаба түрде жумыстан босатыў ҳаққындағы қарарлардың мүддетин белгили мүддетке тоқтатып турыў ҳәм басқа да усы сыяқлы ҳуқықлар берилмекте.

Депутатлардың пикиринше, бул нызам жойбарының қабыл етилиўи жумысшылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын күшейтиўге, социаллық-экономикалық мәселелерди шешиўде кәсиплик аўқамларына қолайлы шараятлар ҳәм кепилликлердиң жаратылыўына, мәмлекетлик уйымлар, жумыс бериўшилер және кәсиплик аўқамларының өз-ара бирге ислесиў механизмлерин жетилистириўге хызмет етеди.

Мәжилисте «Халықаралық мийнет шөлкеминиң санаат ҳәм саўдада мийнет инспекциясы ҳаққындағы 81-санлы конвенциясын (Женева, 1947-жыл 11-июль) ратификациялаў ҳаққында»ғы және «Халықаралық мийнет шөлкеминиң аўыл хожалығында мийнет инспекциясы хаққындағы 129-санлы конвенциясын (Женева, 1969-жыл 25-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам жойбарлары да кеңнен додаланды.

Бул нызам жойбарлары Президентимиздиң 2018-жыл 20-августтағы «Мийнет уйымлары структурасын жетилистириў ҳәм пуқаралардың мийнет ҳуқықларын  менен мийнетти қорғаў системасын күшейтиў илажлары ҳақында»ғы қарары менен тастыйықланған «Қәўипсиз ҳәм қорғалған мийнет» илажлары бағдарламасына тийкарланып ислеп шығылған.

Өзбекстан Республикасы тәрепинен бүгинги күнге шекем Халықаралық мийнет шөлкеминиң (ХМШ) 15 конвенциясы ратификацияланғанлығын атап өтиў керек. Шөлкемниң 81-ҳәм 129-санлы конвенциялары да әҳмийетли ҳүжжетлер қатарына киреди.

Усы конвенцияларға муўапық, шөлкемлер тәрепинен пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳәм оларға әмел етиў, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсиз мийнет шараятларын тәмийинлеў тараўындағы нызам ҳүжжетлери талапларына әмел етилиўи үстинен мәмлекетлик қадағалаўды ҳәм тексериўди әмелге асырыў, жумыс күни мүддети, мийнет ҳақы, мийнет қәўипсизлиги, балалар ҳәм жас өспиримлердиң мийнетинен пайдаланыў ҳаққындағы қағыйдалардың қолланылыўын тәмийинлеў, бул бағдарда жумыс бериўшилер ҳәм хызметкерлер арасында мәлимлеме-түсиник жумысларын алып барыў сыяқлы мәселелер инспекцияның тийкарғы ўазыйпаларына киреди. Өзбекстанда бул ўазыйпалар Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң Мәмлекетлик мийнет инспекциясы тәрепинен әмелге асырылып келинбекте. Нызам ҳүжжетлеринде мийнет тараўындағы фундаменталь принциплер ҳәм ҳуқықлар белгиленген болып, оларда бул конвенцияларға қарсы ямаса сай келмейтуғын қағыйдалар жоқ.

Депутатлардың атап өтиўинше, усы конвенцияяларды ратификациялаў халықаралық мийнет стандартларын миллий нызам ҳүжжетлерине енгизиўди даўам етиўге, Халықаралық мийнет шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен қатнасықларда Өзбекстанның унамлы имиджин буннан былай да жақсылаўға жәрдемлеседи.

Мәжилисте парламенттиң төменги палатасы ўәкилликлерине тийисли басқа да мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Депутатлардың нызам жойбарлары бойынша додалаўлары даўам етпекте.

 

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының Баспасөз хызмети.