Бухара ўәлаятының Когон районында жайласқан «Баҳауддин Нақшбанд» естелик мешити ҳәўлисинде жайласқан ҳәўизге 8 жасар бала түсип кетти.

Бизге белгили болыўынша, зыяратқа келген әндижанлы шаңарақтың перзентиниң ҳәўизге түсип кетиўине ата-анасының итибарсызлығы себеп болған.

Ығып кетиўине аз қалғанында, сол күни хызметте болған Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Бухара ўәлаятлық Қорғаў басқармасының хызметкери Д.Хўжаев тезлик пенен баланы қутқарып қалды.

ӨзА