Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-июнь күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳаммедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиў басында Түркменстан Президентин туўылған күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм табыслар тиледи.

Бүгинги Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳаммедовтың басшылығында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыс тараўында, мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша үлкен жетискенликлерге ерисип атырғаны айрықша атап өтилди.

Түркменстанның халықаралық абырайы избе-из жоқарылап атырғаны атап өтилди. Түркменстанның басламасы менен БМШның Бас Ассамблеясы тәрепинен усы шөлкем ҳәм Аралды қутқарыў халықаралық қоры арасындағы бирге ислесиў ҳаққында гезектеги резолюция қабыл етилгени, 2020-2021-жылларда мәмлекетте самбо ҳәм трек велоспорты бойынша жәҳән чемпионатлары өткерилетуғыны соннан дәрек береди.

Президентлер еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионаллық сиясатқа байланыслы әҳмийетли мәселелерди көрип шықты.

Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары избе-из беккемленип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өз-ара саўда көлемин және де арттырыў, транспорт, энергетика, санаат ҳәм аўыл хожалығы тараўларындағы кооперацияны күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Президентлер Ҳүкиметлераралық қоспа комиссияның жумысын жеделлестириў, сондай-ақ, шегералас аймақлар арасындағы нәтийжели исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди даўам еттириў керек екенлигин атап өтти.

Сөйлесиў соңында мәмлекет басшылары туўысқан еллеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы, пүткил Орайлық Азия регионының турақлы раўажланыўы жолында Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы көп қырлы шерикликти буннан былайда раўажландырыў ҳәм беккемлеў бойынша умтылысларының исенимли екенлигин және бир рет тастыйықлады.

ӨзА