Миграция ҳәм пуқараларды рәсмийлестириў бөлиминиң жуўапкер хызметкери мүрәжат еткен шахс ҳаққындағы белгиленген мағлыўматларды үйренип шығып, оның Өзбекстан пуқарасы ямаса пуқарасы емес екенлиги бойынша тийисли жуўмақ шығарады.

Белгили жасаў орнына ийе болмаған  шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў ҳәм паспортты рәсмийлестириўде мәмлекетлик бажыны қаплаў ушын тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестириў  ҳәм судларға және жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларына бериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққындағы буйрық Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен (дизимнен өтиў саны 3168, 19.06.2019 ж.) өткерилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Усы Режеге муўапық, белгили жасаў орнына ийе болмаған шахслардың Өзбекстан пуқарасы екенлиги миграция ҳәм пуқараларды рәсмийлестириў бөлимлери тәрепинен анықланады.

Бундай шахслар реабилитация орайынан алған шахсын тастыйықлаўшы ўақтыншалық мағлыўматнама менен район (қала)лық ишки ислер уйымларына мүрәжат етеди.

Миграция ҳәм пуқараларды рәсмийлестириў бөлиминиң жуўапкер хызметкери мүрәжат еткен шахс ҳаққындағы белгиленген мағлыўматларды үйренип шығып, оның Өзбекстан пуқаралығына ийе ямаса ийе емеслиги бойынша тийисли жуўмақ шығарады. Пуқаралық паспортын жойтып қойған ҳәм турақлы пропискасы жоқ, белгили жасаў орнына ийе болмаған шахсларды жасап турған орны бойынша есапқа алыў бурынғысынан басқаша тәризде, ўақытша аймақлық реабилитация орайлары жайласқан мәнзилде әмелге асырылады ҳәм Өзбекстанның пуқаралық паспорты қайта рәсмийлестириледи.

Сондай-ақ, усы ҳүжжетке бола, Миграция ҳәм пуқараларды рәсмийлестириў бөлими үш сутка ишинде район(қала)лық ҳәкимшилик судына паспорт ямаса  жасаў гүўалығын рәсмийлестириўде белгили жасаў орнына ийе болмаған шахсларды ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиў ҳаққында усыныс хаты менен мүрәжат етеди.

Усыныс хаты ҳәкимшилик суд тәрепинен қанаатландырылғанда шахсқа паспорт ямаса жасаў гүўалығы рәсмийлестирилип бериледи.

Бул буйрық рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

ӨзА