Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде 10-июнь күни Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пенен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери Антониу Гутерриштиң ушырасыўы болып өтти.
Президентимиз жоқары мәртебели мийманды елимизге сапар етиўи менен қутлықлап, Өзбекистан БМШ ҳәм оның шөлкемлери менен бирге ислесиў қатнасықларын избе-из раўажландырып барады, деп атап өтти. Быйыл елимизге БМШ Бас хаткериниң сиясий мәселелер бойынша жәрдемшиси Мирослав Енча басшылығындағы, БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары Зайд Раад ал-Ҳусайн басшылығындағы делегациялардың келгени Өзбекистан ҳәм БМШтың умтылыслары бирдей, ҳәрекетлери үнлес екенлигинен дәрек береди.
Мәмлекетимиз басшысы БМШ Бас хаткерине Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етип, оның естелигине ҳүрмет көрсеткени ушын миннетдаршылық билдирди.
Ислам Кәримовтың тынышлықсүйер сиясаты, тийкарлы басламалары ҳәм әмелий жумыслары регионда қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли негиз болғанын дүнья жәмийетшилиги кеңнен тән алып атырғанын атап өтиў керек, деди мәмлекетимиз басшысы.
Антониу Гутерриш Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекистанда әмелге асырылып атырған реформалар елимизди раўажландырыўда ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў бағдарында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.
Ушырасыўда Өзбекистан менен БМШ ҳәм оның шөлкемлери арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер, соның ишинде, Арал теңизиниң экологиялық апатшылығының ақыбетлерин жумсартыўға байланыслы мәселелер додаланды. Глобаллық қәўипсизликти және турақлылықты беккемлеў, социаллық-экономикалық ҳәм экологиялық машқалаларды шешиў мәселелери көрип шығылды.
ӨзА