Пайтахтымыздағы Әмет бақсы атындағы 12-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде усы мектептиң 5-класс оқыўшысы, «Камалак юлдузлари» және басқа да жергиликли таңлаўлардың жеңимпазы Заманбек Таңирбергеновтың дәслепки көргизбеси болып өтти.
Өзбекистан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен шөлкемлестирилген көргизбе «Перзент қәбилетин жүзеге шығарыўда шаңарақтың орны» атамасындағы руўхый-ағартыўшылық кеше менен басланды.
– Заманбектиң сүўрет салыўға болған ықласы 5 жасынан басланған, – дейди Заманбектиң устазы Рашид Генжебеков. – Оның сүўретлерин, рең таңлаў қәбилетин ҳәм дүньяқарасын дәслепки мәрте көргенде ҳайран қалғанман. Соннан берли оған сүўретлеў өнериниң сырларын үйретип киятырман. Усы күнге дейин ол теңлеслери ерисе алмаған жетискенликлерди қолға киргизди, бир неше таңлаўларда қатнасып, жеңисти қолға киргизди. Бунда, әлбетте, оның ата-анасының хызметлери үлкен.
Көргизбеден орын алған «Шаңарақ», «Мениң шаңарағым», «Анам нан жаўғанда», «Ўатанымды қорғайман» сыяқлы сүўретлери балаларға тән бийғубарлығы, фантазиясы ҳәм жарқын реңлери менен ҳәр қандай адамды өзине тартады.
Кеше соңында мийманлар Әмет бақсы атындағы 12-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң турмысы, жетискенликлери ҳәм сүўретлеў өнери бөлими устаханасы менен танысты. Жас художниктиң кейинги көргизбеси пайтахтымыздағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейинде өткерилиўи келисилди.
Нөкис мәденият ҳәм көркем-өнер колледжиниң дуўтаршы қызлары атқарыўындағы қосықлар руўхый-ағартыўшылық кешеге өзгеше кейпият бағышлады.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы