Европа космос агентлиги Жерге қәўип туўдырыўы мүмкин болған аспан денелериниң дизимин жаңалады, делинеди РИА Новости хабарында.
Дизимге бола, 2006QV89 астероиды усы жыл 9-сентябрь күни планетамыз бенен соқлығысыўы мүмкин. Бирақ бул ҳәдийсениң жүз бериў итималы 7 мыңнан бир имканиятқа тең.
Ҳәзирги ўақытта 2006QV89 астероиды Жерден 6,7 миллион километр қашықлықта ҳәрекет етпекте. Оның узынлығы 109 метр, кеңлиги 48,5 метрди қурайды. Бул аспан денеси планетамыз жанынан 1950, 1960, 1970, 1980- жылларда ушып өткен, астраномлар оны тек 2006-жылда Аризонадағы обсерватория телескопы арқалы бақлаўға ерискен. Астероидтың Жерге гезектеги жақынласыўы 2032-жылы жүз береди.
Дизимде 2010RF12 астероиды Жер ушын ең қәўипли деп табылған. Экспертлердиң болжаўына қарағанда бул аспан денесиниң планетамызға максимал дәрежедеги жақынласыўы 2095-жылда бақланып, оның Жер менен соқлығысыў итималы 16 дан бир имканиятқа тең болады.
ӨзА