Бас прокуратура баспасөз хызметиниң мағлыўматларына бола, Академия магистратурасына абитуриентлерди қабыллаў 2019/2020-оқыў жылынан басланады ҳәм тең ҳуқықлылық, қабыллаў ҳәм таңлаўдың бирден-бир қағыйдалары тийкарында әмелге асырылады. Магистратураға таңлаў «юриспруденция» тәлим бағдары бойынша жоқары юридикалық мағлыўматқа ийе болған шахслар арасында өткериледи. Сондай-ақ, прокуратура уйымларында кеминде 5 жыллық мийнет стажына ҳәм басқа да қәнигелик бағдарлары бойынша жоқары мағлыўматқа ийе болған әмелдеги прокуратура уйымлары хызметкерлери таңлаўда қатнасыўы мүмкин.

Академияның магистратурасына «прокурорлық жумысы», «тергеў жумысы» ҳәм «коррупцияға қарсы гүресиў» қәнигеликлери бойынша 2019/2020-оқыў жылына жәми 30, соның ишинде 18 мәмлекетлик грант ҳәм 12 төлем-контаркт тийкарында қабыллаў квоталары тастыйықланған.

Кириў имтиханлары қәнигелик пәнлери ҳәм шет тилинен тест сынағы, сондай-ақ, жазба имтихан түринде өткериледи.

Бас прокуратура Академиясында магистратура қәнигелиги бойынша билим бериў процеси алдынғы сырт ел тәжирийбелерин үйрениў тийкарында енгизилген оқытыўдың нәтийжели заманагөй педагогикалық билимилендириў технологияларын қолланған тәризде әмелге асырылады.

Усы күнге шекем Бас прокуратура Академиясы 30 ға шамалас дүньяның жетекши билимлендириў мәкемелери менен бирге ислесиў қатнасықларын орнатқан болып, оқыў процессине академия прфессор-оқытыўшылары менен бир қатарда абырайлы сырт еллердиң билимлендириў мәкемелеринен эксперт ҳәм профессор-оқытыўшылар тартылады.

Бас прокуратура Академиясы магистратурасына абитуриентлерден ҳүжжетлерди қабыл етиў мүддетлери Академия веб-сайтында (proacademy.uz) ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы жәрияланады.

ӨзА