USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 1 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ЕВРОПА КЕҢЕСИ ПРЕЗИДЕНТИН ҚАБЫЛЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-май күни мәмлекетимизге әмелий сапар менен келген Европа кеңеси Президенти Дональд Тускты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары мәртебели мийманды шын жүректен қутлықлап, Европа Аўқамы менен конструктивлик сиясий сөйлесиў және саўда-экономикалық, инновациялық, илимий-техникалық ҳәм мәдений гуманитарлық-тараўларда нәтийжели әмелий бирге ислесиў раўажланып атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

b05e1c67-bd22-cdb1-32d3-9861052498b5.jpg

Өзбекстан Республикасы ҳәм Европа Аўқамы арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 25 жыл толатуғын усы жыл Европа Кеңеси Президентиниң мәмлекетимизге биринши мәрте сапар етиўи көп қырлы шерикликти кеңейтиўден ҳәм беккемлеўден еки тәреп те мәпдар екени ҳәм буған умтылып атырғанынан дәрек береди.

3.jpg

«Өзбекстан – ЕА» бирге ислесиў кеңеси ҳәм комитетиниң турақлы мәжилислери, парламентлераралық алмасыўлардың раўажланып атырғаны, Европа Аўқамының Сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили Федерика Могерини ҳәм басқа да жоқары мәртебели ўәкиллердиң мәмлекетимизге сапарлары кейинги жылларда өз-ара байланыслар жеделлескенин көрсетпекте.

Мәмлекетимиз ҳәм ЕА арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққында жаңа келисимниң жойбары бойынша сөйлесиўлер басланған.

Европа аўқамы мәмлекетлери менен товар алмасыўдың көлеми ҳәм инвестициялық жойбарлардың саны артпақта. Өз-ара саўда ҳәм инвестицияларды буннан былай да көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша мәсләҳәтлесиўлер алып барылмақта.

Буннан тысқары, европалы шериклер Өзбекстанға Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўына жәрдемлеспекте.

Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен шериклик қайта жолға қойылды ҳәм кеңеймекте, мәмлекетимиз экономикасының әҳмийетли тармақларында Европа инвестиция банкиниң қатнасыўында дәслепки қоспа жойбарлар әмелге асырыла басланды.

«Горизонт -2020» ҳәм «Эразмус плюс» бағдарламалары шеңберинде белсенди илимий ҳәм оқыў алмасыўлары әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда тийкарғы итибар экономика, саўда, инновация ҳәм инвестициялар, транспорт, илим, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелерине қаратылды.

4.jpg

Мәмлекетимизде экономиканы либералластырыў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар Европа бизнесиниң жетекши ўәкиллери елимизде және де кең жумыс алып барыўы, мәмлекетимизге ең жаңа технологиялар, алдынғы тәжирийбелерди ҳәм жоқары стандартларды тартыў ушын имканиятлар ашып атырғаны айрықша атап өтилди.

Европа Аўқамының Орайлық Азия бойынша жаңа стратегиясына муўапық регионда өз-ара бирге ислесиўди күшейтиўдиң зәрүрлиги атап өтилди.

Европа кеңеси Президенти Өзбекстанның Арал теңизи бассейининдеги экологиялық жағдайдың кери ақыбетлерин сапластырыў бағдарындағы әмелий ҳәрекетлерине жоқары баҳа берди, Аралбойы регионы ушын көп шериклик тийкарындағы Траст фонды шеңберинде жедел бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийеттеги басқа да мәселелер, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайды тыныш жол менен шешиў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында пүткил регионның турақлылығын ҳәм избе-из раўажланыўын тәмийинлеў жолында кең көлемли шерикликти буннан былай да беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында тәреплердиң умтылыслары уқсас ҳәм исенимли екени атап өтилди.

5.jpg

ӨзА