Таңлаўға мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларының төмендеги мақсетлерди нәзерде тутқан социаллық әҳмийетке ийе жойбар буйыртпалары қабыл етиледи.
– шаңарақ қурыў жасындағы жигит ҳәм қызларды руўхый жақтан таярлаўға, шаңарақтың мүқаддеслиги ҳәм жәмийеттиң тийкарғы буўыны екенин олардың санасына сиңдириўге жәрдемлесиў;
– шаңарақта ҳәм мәҳәлледе саламат орталықты беккемлеў, жаслар тәрбиясын жетилистириўге шараятлар жаратыў, ерте ҳәм жақын туўысқанлар арасындағы некениң унамсыз ақыбетлерин үгит-нәсиятлаў;
– ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўға, шаңарақларда саламат орталықты беккемлеўге, аналық ҳәм балалықты қорғаўға қаратылған жойбарларды қоллап-қуўатлаў;
– келиспеўшиликлер, шаңарақлық-турмыслық зорлық етиў жағдайларын ҳәм өз жанына қастыянлық етиўге мейил минез-қулқты ерте сапластырыўда мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиўди қәлиплестириў;
– саламат перзентлердиң дүньяға келиўиниң әҳмийетли факторы сыпатында халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеўге, балалардың туўма кеселликлер ҳәм кемшиликлер менен дүньяға келиўиниң алдын алыў ҳәм профилактикасына бағышланған материаллар таярлаў, халық арасында үгит-нәсиятлаў;
– мәҳәллелерде спорт дөгереклерин шөлкемлестириў, балалар, жаслар, ҳаял-қызларды ғалабалық спорт түрлери менен шуғылланыўға тартыў, халық арасында саламат турмыс тәризи дәстүрлерин беккемлеўге жәрдемлесиў;
– халықтың экологиялық ҳәм медициналық мәдениятын жоқарылатыў, дурыс аўқатланыў мәдениятын ғалаба ең жайдырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў;
– мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте пуқаралар жыйынларында денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўға байланыслы бағдарламаларды әмелге асырыў;
– шаңарақтағы ажырасыўлар, нызамсыз ҳәм ерте некелердиң алдын алыў, қайынене ҳәм келин арасындағы келиспеўшиликлерди сапластырыў, жасларды шаңарақлық турмысқа таярлаўда социаллық шерикликти күшейтиў;
– мәҳәллелер аймақларында қоршаған орталықты қорғаў, аўыллық жерлердеги елатлы пунктлерде абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў, санитариялық-экологиялық орталықты жақсылаўға қаратылған илажларды әмелге асырыўға жәрдемлесиў;
– халықтың ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлерге (АИВ инфекциясы, туберкулёз, безгек, онкологиялық кеселликлер) шалыныў жағдайларының алдын алыўда медициналық мәкемелер менен социаллық шерикликти күшейтиў;
– атмосфера ҳаўасы, суў ҳәм жер ресурсларының патасланыўын азайтыўға, биологиялық көптүрлиликти сақлаўға, қатты турмыслық шығындыларды қайта ислеўге инновациялық технологияларды тартыўға жәрдемлесиў.
Мәмлекетлик грант таңлаўында қатнасыў ушын төмендеги ҳүжжетлер усынылады:
- Шөлкем басшылары тәрепинен қол қойылған ҳәм мөр менен тастыйықланған жоллама хаты.
- www.fundngo.uz веб-сайтында жайластырылған түрде толтырылған мәмлекетлик грант жойбары ушын арза;
- Мәмлекетлик дизимнен өткерилген Устав (Режеси) ҳәм гүўалықтың мөр менен тастыйықланған нусқасы;
- 4. Егер жойбарды әмелге асырыў лицензияланатуғын жумысты талап етсе, онда лицензияның нусқасы усынылады.
- 5. Мәпдар мәмлекетлик ҳәм ири жәмийетлик шөлкемлер менен дүзилген социаллық шериклик қоспа режелери қосымша етилиўи мүмкин.
Бир жойбар ушын ажыратылатуғын грант муғдары – 30 миллион сумға шекем.
Арзалар 2019-жыл 29-майдан 4-июльге шекем қабыл етиледи.
Ҳүжжетлер Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы МКШларды ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қўатлаў жәмийетлик қоры атына «Өзбекстан почтасы» арқалы жиберилетуғын мөрленген конвертлерде (А4 форматта) төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи: 100163, Ташкент қаласы, Ислам Кәримов көшеси, 43-жай.
Ҳүжжетлердиң үлгилери менен Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик қордың www.fundngo.uz рәсмий веб-сайтында танысыў мүмкин.
Мағлыўмат ушын телефонлар (0-371) 239-26-76, 239-26-86.