Өзбекстан Республикасы Президентиниң социаллық ҳәм руўхый-ағартыўшылық тараўларға тийисли бес басламасы тийкарында Мойнақ районында «Future Muynak»  мәлимлеме технологиялары ҳәм китап оқытыўға үйретиў орайы ашылыўы режелестирилип, орай ушын жаңа имараттың қурылыс ислери әмелге асырылмақта.

«Future Muynak» орайының мақсети, жасларды жоқары ҳәм сапалы оқытыў, инновациялық таярлаў системасын раўажландырыў, аймақлық ҳәм халықаралық мәлимлеме технологиялары тараўына интеграциялаў, районды санлы экономика тийкарында раўажландырыўдан ибарат.

Орайда оқыў тийкарынан төрт бағдарда, яғный, анимация, веб-дизайн, кино ҳәм видео өнимлерин, компьютер ойынларын ислеп шығарыў. Сондай-ақ, оқыўшыларға программаластырыў, компьютер анимациясы, 2D графика 3D моделлестириў де үйретиледи.

Орайда билим алыўшы оқыўшылар 12 жастан 16 жасқа шекем етип белгиленип, олар бос ўақытларында қосымша түрде бийпул оқытылады.

«Future Muynak» орайына оқыўшыларды сайлап алыў мақсетинде Ташкент  информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары тәрепинен тест ҳәм логикалық сораўлар таярланды.

Усы жыл 28-май күни Мойнақ районында компьютер саўатлылығы ҳәм логика бойынша тест сынақлары өткерилди. Оған районнан 260 оқыўшы қатнасып олардан 150 оқыўшы сайлап алынды. Сондай-ақ, ТИТУ Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары тәрепинен «Future Muynak» орайына жоқары қәнигеликке ийе тренерлерди таңлап алыў мақсетинде 20 дан зыят информатика пәни оқытыўшыларының билим дәрежелери сәўбет арқалы анықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги