Бүгин, 31-май күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң киши мәжилислер залында «Абат аўыл» бағдарламасының орынланыўы бойынша белгиленген илажлар ҳәм келешектеги ўазыйпалар» атамасында баспасөз конференциясы болып өтти.

Илажда бағдарлама шеңберинде суў объектлеринде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында баянат жасаған «Түйемойын-Нөкис» регионаллық суў қубырынан пайдаланыў басқармасы (МУК) баслығының орынбасары Б.Мәтмуратовқа «Не ушын Нөкисте суў қубырлары арқалы келетуғын ишимлик суўы қыста тынық, жазда керисинше болады?» мазмунындағы сораў менен жүзлендик.

Оның бизге билдириўинше, жаз мәўсиминде ишимлик суўына болған талап артып кетеди. Және Нөкистеги көпшилик турғынлар үй қапталындағы қыйтақ жерлерин суў қубырларындағы ишимлик суўлары арқалы суўғарады. Сол себепли, суўды тазалап жеткерип бериўде машқалалар жүзеге келеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосы.