Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-май күни ҳүкимет басшылары дәрежесиндеги Қоспа комиссияның биринши мәжилисинде қатнасыў ушын елимизге келген Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығы Дмитрий Медведовты қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық руўхындағы еки тәреплеме қатнасықлар жедел раўажланып ҳәм избе-из беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

96554f12-59fe-aa83-1875-40064e8183bc.jpg

Россия Ҳүкимети Баслығы, өз гезегинде, шын жүректен қабыл еткени ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдирип, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм нәтийжели сөйлесиў, Россия Президентиниң өткен жыл октябрь айында елимизге мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлердиң биргеликте әмелге асырылыўы көп қырлы Өзбекстан-Россия байланысларын кеңейтиўге, әмелий бирге ислесиўди анық бағдарламалар ҳәм жойбарлар менен байытыўға хызмет еткени атап өтилди.

36551f5b-fb71-36e3-de54-3a11bcb2810c.jpg

Өз-ара байланыслар ҳәм алмасыўлар жеделлескени айрықша атап өтилди. Товар алмасыў көлеми артпақта, аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип бериў бойынша «жасыл коридор» нәтийжели ислемекте, тоқымашылық өнимлерин жеткериўде әпиўайыластырылған бажыхана тәртиби енгизилген.

Экономикалық бирге ислесиў бойынша еки тәреплеме бағдарлама шеңберинде аймақлар ҳәм исбилерменлер дәрежесинде улыўма қуны 13 миллиард доллардан зыят ири инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Бүгин Өзбекстанда Россияның «Газпром», «Лукойл», «Форус»,  «Татнефть», «Силовые машины», «Камаз», «Евроцементгрупп», «Газпромбанк», «ВЭБ» ҳәм басқа да көплеген жетекши компаниялары менен банклери жедел жумыс алып бармақта.

Мәдений-гуманитарлық байланыслар беккемленбекте. Жақында елимизде Россия мәденият орайының 25 жыллығы кеңнен белгиленди, россиялы ўатанласлардың регионаллық конференциясы ҳәм Москва мәмлекетлик халықаралық қатнасықлар институты питкериўшилериниң бесинши халықаралық форумы табыслы өткерилди.

Ушырасыўда өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў ҳәм ҳәр қыйлы экономикалық тармақлардағы тийкарғы инвестициялық жойбарларды жеделлестириўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

«Росатом» мәмлекетлик корпорациясы менен биргеликте Өзбекстанда атом электр станциясын қурыў бойынша стратегиялық жойбарды өз ўақтында ҳәм сапалы таярлаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Саўда байланысларын ҳәм өндирис кооперациясын буннан былай да жедел раўажландырыў ушын еллеримиз аймақларының потенциалынан нәтийжели пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Аймақлар ҳәкимшилиги ҳәм исбилермен топарлар дәрежесинде алмасыўларды жеделлестириўге келисип алынды.

Сондай-ақ, илимий-техникалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери додаланды.

Халықаралық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша пикир алысылды.

Қоспа комиссияның биринши мәжилиси болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларға таярлық көриўде әҳмийетли басқыш болатуғыны және өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеп алыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында тәреплердиң Өзбекстан менен Россия арасындағы узақ мүддетли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, кең көлемли әмелий бирге ислесиўди беккемлеўге таяр екени ҳәм бул бағдардағы умтылысы исенимли екенлиги атап өтилди.

ӨзА