Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының  2019-жыл 10-майдағы «Ионластырыўшы нурланыўдың санкцияланбаған (ийесиз) дәреклери табылыўына байланыслы авариялар жүз бергенде оларды анықлаў ҳәм сапластырыўда объект ҳәм айрықша жағдайлар мәмлекетлик төменги структуралары (АЖМтС) хызметлериниң биргеликтеги ҳәрекетлери» темасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўын өткериў ҳаққында»ғы арнаўлы буйрығына муўапық, усы жыл 30-май күни «Қарақалпақ екилемши қара металл» ЖШЖниң Нөкис цехында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Бунда цехқа екилемши қара металлды қабыл етиў пайытында белгисиз ионластырыўшы нурланыў дәреги анықланғанда усы жәмийет басшыларының республикалық пуқаралық қорғаныў хызметлери менен биргеликтеги ҳәрекетлери әмелге асырылды.

Оқыў-шынығыўына жәмийет басшылары, қәнигелери, Өзбекстан Республикасы Санаат қәўипсизлиги мәмлекетлик комитети Қарақалпақстан аймақлық басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы, Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң, МСЭҚОның Радиология бөлиминиң, АЖМтСтың ўәкиллери ҳәм қәнигелери, тийисли ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери қатнасты.

Оқыў-шынығыўы цехқа келген автотранспорт қуралындағы екилемши қара металларды радиометрикалық қурылмалар арқалы тексериўден басланды. Солай етип, шәртли түрдеги ионластырыўшы нурланыў дәреги анықланып, белгиленген мүддетте цехтың жуўапкер хызметкерлери тәрепинен тийисли тәртипте республикалық айрықша жағдайлар мәмлекетлик структуралары хызметлерине хабар берилди.

Соң ўақыя орнына жетип келген айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм мәмлекетлик санитариялық-эпидемеологиялық қадағалаў орайының Радиациялық қәўипсизлик топары хызметкерлери тәрепинен разведкалық тексериў жумыслары алып барылды. Соң, радиациялық патасланыў ошағының кеңейип кетиўиниң алдын алыў және сапластырыў илажлары әмелге асырылды. Нөкис қалалық ИИБ хызметкерлери тәрепинен қәўипли аймақты қорғаў жумыслары шөлкемлестирилди. Табылған (анықланған) санкцияланбаған (ийесиз) ионластырыўшы нурланыў дәрегиниң келип шығыўын анықлаў бойынша оператив-тергеў илажлары өткерилип, дәректиң алып шығып кетилиўи бойынша бақлап барыў жумыслары шөлкемлестирилди. Радиациялық патасланыў ошағындағы илажларға қатнасқанлар тийисли хызметлер тәрепинен шөлкемлестирилген пунктте санитариялық қайта ислеўден өткерилди.

Соң цех ишинде жүз берген айрықша жағдайлар ақыбетинде пайда болған өртти өшириў, жәбирленгенлерге дәслепки медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм жумысшыларды эвакуациялаў бойынша әмелий ҳәрекетлер орынланды.

– Оқыў-шынығыўының мақсети – республикамыз аймағында ионластырыўшы нурланыўдың санкцияланбаған (ийесиз) дәреклери анықланғанда тийисли хызметлер менен өз-ара бирге ислесиў режесиниң дурыслығын тексериў,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим баслығы Е.Жүзбаев. – Бундай айрықша жағдайлар анықланғанда өткерилетуғын илажлардың избе-излигин тәмийинлеп, оларды орынлаўшыларды, сондай-ақ, адамлар менен аймақлардың радиациялық қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўында ҳәрекет ететуғын бөлимлерге жүкленетуғын тийкарғы ўазыйпаларды ҳәм қадағалаўшы уйымлар менен қорғаныў структураларының өз-ара бирге ислесиўин жетилистириў болып есапланады.

Сондай-ақ, басшылар қурамының, пуқаралық қорғаныў структуралары менен тийисли АЖМтС хызметлериниң жеке қурамының билимлерин арттырып, оларда әмелий көнликпелерди қәлиплестириў ҳәм ҳәрекетлерин муўапықластырыўдан ибарат.

Оқыў-шынығыўына жәми 87 адам ҳәм 14 техника қатнасты.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген сүўретлери.