Пайтахтымызда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен «ҒХҚ тараўында миллий нызамшылықты буннан былай да жетилистириўдиң әҳмийетли мәселелери» темасында республикалық конференция өткерилди.

 Агентлик директоры К.Алламжонов, директор орынбасары С.Мирзиёева, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы комитетиниң баслығы И.Абдуллаев, «Регионаллық диалог» халықаралық мәмлекетлик емес шөлкеми (Словения) филиалының Өзбекстандағы регионаллық уйымының басшысы П.Горюп, ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Ф.Пашаев ҳәм тараўға тийисли басқа да шөлкемлердиң басшылары, сырт ел экспертлери конференцияда өз баянатлары менен қатнасты.

К.Алламжоновтың атап өтиўинше, ҳәзирги дәўирди мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары тийкарғы мәлимлеме дәреги есапланады. Тилекке қарсы, мәмлекетлик шөлкемлерде әмелге асырылып атырған реформалар, өзгерислер ҳәм жаңалықлар өз ўақтында сәўлелендирилмей атыр. Усыны есапқа алып, Агентлик тәрепинен мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары мәлимлеме хызметлериниң статусын ҳәм абырайын арттырыў бойынша Президент қарарының жойбары таярланды.

Мәмлекеттеги өзгерислер ҳәм реформалардың мазмун-мәнисин халқымызға, кең жәмийетшиликке ҳәм дүнья жәмийетшилигине қалыс, исенимли, оператив ҳәм толық түрде жеткерип бериўде мәмлекетлик мәлимлеме хызметлериниң нәтийжели жумысы айрықша әҳмийетке ийе екени, өткен ўақыт даўамында халықаралық рейтинглерде сөз еркинлиги ҳәм ҒХҚ жумысы бойынша абырайын жақсылаў бойынша көплеген жумыслар исленгени, түрли сырт ел веб-ресурсларынан пайдаланыў имканияты жаратылғанына итибар қаратылды.

DSC_6411-1848x1228.JPG

– Не ушын баспасөз әмелде төртинши ҳәкимият дәрежесине көтериле алмай атыр, деген сораўға көп факторлар қатары министрликлер ҳәм уйымлар басшыларының баспасөз хаткери ямаса мәлимлеме хызметлерине болған итибарсыз мүнәсибетин тийкарғы себеп етип көрсетиў мүмкин, – деди Агентлик директорының орынбасары Саида Мирзиёева. – Қолда бар шараятлардың жетерли дәрежеде емес екенлиги себепли, мәлимлеме хызметлериниң жумысы қанаатланарсыз жағдайда қалып кетпекте. Оннан артық республикалық дәрежедеги шөлкемлер, көп ғана район ҳәм қала ҳәкимликлеринде ҳәзирги ўақытқа шекем мәлимлеме хызмети жумысы шөлкемлестирилмеген. Көплеген мәмлекетлик ҳәм хожалық шөлкемлериниң веб-сайтлары, социаллық тармақтағы рәсмий бетлеринде мәлимлемелер жетерли дәрежеде емес. Олардың веб-сайтларына кириўшилердиң улыўма саны 400 мың, Facebook социаллық тармағындағы рәсмий бетлерине мүрәжат етиўшилер саны 150 мың, Telegram тармағындағы ағзалары 300 мыңнан артпайды. Өзбекстанда интернеттен пайдаланыўшылар саны 20 миллионнан аслам екенин есапқа алсақ, жоқарыдағы көрсеткишлерден өзиңиз жуўмақ шығарыўыңыз мүмкин.

Сондай-ақ, илажда мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме сиясаты тараўындағы жумысын муўапықластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасында бирден-бир мәмлекетлик мәлимлеме сиясаты ҳаққында Концепцияны қабыл етиў зәрүрлиги барған сайын артып баратырғаны айрықша атап өтилди. Сол себепли, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң жәмийетшилик пенен байланысларын түп-тийкарынан жетилистириў және мәлимлеме хызметлери жумысларын раўажландырыў илажлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарын қабыл етиў усынысы алға қойылмақта. Онда дәслепки рет мәлимлеме хызметлериниң тийкарғы ўазыйпалары, ўәкилликлери, миннетлемелери, баспасөз хаткерлериниң шөлкемдеги орны ҳәм статусы, материаллық-техникалық және финанслық тәмийнаты, шараятлары, кәнигелигин арттырыў имканиятлары сәўлеленип, ҳуқықый кепилленилип атырғанлығы айтып өтилди.

 

Инобат АҲАТОВА,

 ӨзАның хабаршысы