Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслар ҳәм бурын берилген тапсырмалардың орынланыўы менен танысыў мақсетинде 16-май күни Әндижан ўәлаятына келди.

Мәмлекетимиз басшысының өткен жыл 19-20-май күнлери ўәлаятқа сапары ўақтында аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Усы дәўир ишинде, олардың орынланыўына айрықша итибар қаратылды. Ўәлаятта қала ҳәм аўыллар абат болып, халықтың абаданлығы артты. Әсиресе, санаат, қурылыс, фармацевтика, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, социаллық тараўларды раўажландырыўда салмақлы нәтийжелерге ерисилди. Барлық макроэкономикалық көрсеткишлер бойынша өсим бақланды.

2018-жылы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде улыўма нырқы 1,8 триллион сумға тең 411 жойбар әмелге асырылды, 12 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Сырт ел инвестицияларының қатнасыўындағы жойбарларды әмелге асырыўдың есабынан 20,7 миллион АҚШ доллары муғдарында импорт орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе ири кәрханалар пайдаланыўға тапсырылды. 211,2 миллион долларлық өним экспорт етилди.

«Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде ўәлаятта таңлап алынған 50 мәҳәлледе кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Инвестициялық бағдарламаға муўапық, 40 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде 97 миллиард сумлық, «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары  шеңберинде 30 мәҳәлледе 47,5 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды. Буннан тысқары, жергиликли бюджет қаржыларының есабынан 178 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде ағымдағы, ири оңлаў ҳәм реконструкция жумыслары әмелге асырылды. 168 жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси дүзилди.

Мәмлекетимиз басшысының сапары Ханабад қаласындағы «Xon tex city» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен танысыўдан басланды.

Ханабад қаласы узақ жыллар жабық аймақ болып, санаат раўажланбаған, көплеген объектлер бос турған еди. Президентимиз 2017-жыл 2-июньде бул жерге келип, социаллық-экономикалық шараят пенен жақыннан танысқан, жағдайды түп-тийкарынан жақсылаў бойынша илажлар белгилеп берген еди. Сол тийкарда 2017-2019-жылларда Ханабад қаласын комплексли раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығылды. Оған 3 мың 200 ден аслам жойбар киргизилип, 500 миллиард сум қаржы қаратылды. Соның нәтийжесинде көплеген кәрханалар шөлкемлестирилди ҳәм адамлар жумыс пенен тәмийинленди.

Анхор мәҳәллеси аймағындағы бурынғы 4-автокәрхана да узақ жыллар ислемей турған еди. Оның имаратлары ҳәм жер майданы исбилерменлерге «ноль»лик баҳада берилип, шөлкемлестириў, қаржы жақтан қоллап-қуўатлаў илажлары  көрилди. Бүгин бул жерде 13 кәрхана жумыс алып бармақта. Оларда жәми 685 адам жумыс ислейди.

«Xon tex city» жуўапкершилиги шекленген жәмийети солардан бири. Өткен жылы иске түсирилген кәрханада 300 ден аслам модельде 50 түрдеги таяр кийим-кеншек ислеп шығарылмақта. Жылына 500 мың долларлық өним экспорт етиў режелестирилген. Ең әҳмийетлиси, 300 ге жақын ҳаял-қыз жумыс пенен тәмийинленген.

– Бул кәрхана жумыссыз жүрген ҳаял-қызлар ушын жүдә жақсы болды, – дейди Мухлиса Шарофиддинова. – Жумысшы хызметкерлердиң нәтийжели мийнет етиўи ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Еки мезгил ыссы аўқат, транспорт хызметин көрсетиў жолға қойылған. Айлықты ўақтында алып атырмыз.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы шараят пенен танысты, жумысшылар менен сәўбетлести.

Барлық ҳәрекетлеримиздиң, пәрман ҳәм қарарларымыздың тийкарында халқымыздың турмысын жақсылаў, перзентлеримиздиң ертеңги күнине тийкар жаратыў мақсети жәмленген. Бул бағдардағы өзгерислер, сизлердиң турмыстан разылығыңыз адамға қанаатланыўшылық бағышлайды. Әндижанға бул ретки сапарымыздан мақсет те адамлардың ҳақыйқый талабынан келип шығып реже ислеў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў илажларын көриў болып табылады, деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз қаладағы «Ханабад» санаториясында әмелге асырылған жумыслар менен танысты.

Теңиз қәддинен 850 метр бийикликте жайласқан Санатория кислород пенен тойынған, ионластырылған ҳаўасы менен жоқары ҳәм төменги дем алыў жолларын, нерв системасы, жүрек-қан тамыр кеселликлерин емлеўге қәнигелескен. Бул жерде наўқаслар тийкарынан жоқары температуралы суў менен емленеди. Ықлымлық, парафин, электр-жақтылық, фитотерапия, функционал терапия, диета менен емлеў ҳәм санатория-курорт усыллары кеңнен қолланылады. Минерал ванналар, физиотерапия, электрофарез, гальванизация, ийне менен емлеў, стамотология, косметология, галотерапия (дузлы шахта), жүзиў бассейни, фитнес-зал, фитобар да бар.

Санаториядағы заманагөй клиникалық ҳәм биохимиялық лаборатория, УДТ ҳәм ЭКГ үскенелери наўқасларға анық диагноз қойыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Сулыў тәбияты менен белгили Ханабадта бир ўақытлары қурыла баслаған санатория қараўсыз ҳалда жатқан еди. Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 2-июньде бул жерге келип, оны абаданластырыў, дем алыў ушын зәрүр шараят жаратыў бойынша тапсырмалар берген еди.

180 орынға мөлшерленген «Ханабад» санаториясын қурыў ушын 90 миллиард сумнан аслам қаржы жумсалды. Емлеў имаратлары, стандарт, ярым-люкс ҳәм люкс ханалар, 6 апартаментте барлық шараят жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы санаториядағы шараят пенен танысты. Бул таўлы аймақта жеңил конструкциялардан мийман үйлерин шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти. Хызметлердиң баҳасын азайтып, көлемин кеңейтиў және көплеген адамларды жумыс пенен тәмийинлеўге хызмет ететуғынын атап өтти. Санатория аймағындағы жер майданларды исбилерменлерге бериў арқалы 3 мың адам дем алатуғын орынлар шөлкемлестириў бойынша тапсырма берди.

Усы жерде Әндижан ўәлаятында туризмди раўажландырыўға байланыслы жойбарлар менен таныстырыў өткерилди. Ханабад қаласында 2017-2019-жылларда әмелге асырылған жумыслар, «Кампирравот» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Inimpeks Alliance» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен дем алыў орынларын қурыў, «Lu Yang Agroculture» сырт ел кәрханасының жергиликли мийўели бағлар ҳәм палыз егинлерин, цитрус мийўелер ҳәм бадам бағларын шөлкемлестириў жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Марҳамат райоынындағы «Мингтепа» археологиялық мийрас объектинде туризмди раўажландырыў жойбары әмелге асырылыўы тарийхымызды, өзлигимизди және де терең аңлаўға хызмет етеди. Бул жерге мектеп оқыўшыларын зыяратқа алып келиў керек. Бүгинги әўлад мәдений мийрасымызды және де жақсы билиўи, оның менен мақтаныўы керек, деди Президентимиз.

Белсендилер менен пикирлесиўде Ханабад қаласын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, бәнтликти тәмийинлеў ҳәм абаданлықты арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Экологиялық тазалықты тәмийинлеў, туризмди раўажландырыў, инвестицияларды тартыў, инновациялық қатнас жасаў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, жумыс орынларын жаратыў бағдарындағы жумысларды буннан былай да жетилистириў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы «Khantex Group» ЖШЖ тәрепинен Қорғантепа районы Учқун мәҳәллесинде шөлкемлестирилген пахта-тоқымашылық кластериниң жумысы менен танысты.

«Khantex Group» шөлкемлестирилгенине еки жыл болды. Кәрхана дерлик 9 мың гектар майданда фермерлер менен пахта жетистириў бойынша бирге ислеседи.

Шавкат Мирзиёев өткен жылы май айында Әндижан ўәлаятына сапары ўақтында жәмийеттиң тоқымашылық өнимлерин ислеп шығарыў жойбары менен танысқан еди. Бүгинги күнге келип бул реже толық әмелге асырылды – үлкен ийириў цехының имараты қурылып, Швейцарияның «Ритер» компаниясынан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды. Аймақта жасайтуғын 400 ге шамалас халық турақлы жумыс орнына ийе болды.

Бул – еле жумыслардың басланыўы, кейинги басқышларда гезлеме тоқыў. бояў, таяр кийим-кеншек ҳәм сүлги ислеп шығарыў режелестирилген. Жойбардың улыўма нырқы дерлик 58 миллион евро болып, кәрхана толық қуўатлылық пенен ислеп баслағаннан соң, жылына 9 мың тоннадан зыят ийирилген жип, дерлик 6 миллион погон-метр гезлеме, 10 миллион данадан аслам тигиў-трикотаж өними ислеп шығарылады, 1500 жумыс орны жаратылады. Экспорт көлемин 40 миллион долларға жеткериў мөлшерленген.

Сондай-ақ, кластер тийкарында 2 мың тонна тутыныў майы, 7,5 мың тонна шрот, 5,4 мың тонна шелуха ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе заманагөй май-экстракция заводы ҳәм шарўашылық комплекси шөлкемлестирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы кластердиң ийириў цехы менен танысты.

Усы ўақытқа шекем орынларда ҳәр қыйлы кәрханалар шөлкемлестириў бойынша жумыс иследик. Енди сапаға итибар бериў, дәраматты арттырыў ушын шараят жаратыў керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Кластерге агротехникалық хызмет көрсетиў мақсетинде 19,7 миллион доллар есабынан АҚШтың «John Deer» ҳәм «Case» компанияларының 13 түрдеги 331 заманагөй аўыл хожалығы техникасы алып келинген.

Мәмлекетимиз басшысы алға қойған кластер усылын аўыл хожалығында кеңнен енгизиў бойынша баслама Қурғонтепа районында толық әмелге асырылмақта. Яғный пахтаны жетистириўден таяр өним алыўға шекемги система жарытылған. Пахта жетистириў жумыслары толық техника жәрдеминде әмелге асырылмақта, зүрәәтлилик сезилерли дәрежеде артқан. Аймақ халқы кластер шөлкемлестирген заманагөй кәрханаларға тартылмақта.

Усы жерде Әндижан ўәлаятында 2019-2020-жылларда аўыл хожалығы тараўы, халықтың қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, қусшылық, балықшылық, пал ҳәррешилик, пиллешиликти раўажландырыўға қаратылған режелер, Өзбекстанның Беларусьтағы елшиханасы тәрепинен ислеп шығылған жойбарлар додаланды. Ташкент мәмлекетлик аграр университети Әндижан филиалы менен Гродно мәмлекетлик универистети арасында Өзбекстан-Беларусь қоспа факультетин ашыў, ўәлаятта ирригация ҳәм мелиорация системасын жақсылаў сыяқлы бир қатар жойбарлар менен таныстырыў өткерилди.

Президентимиз жойбарларды өз ўақтында ҳәм сапалы жуўмақлаў бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берди.

Хожабад районы Хидирша массиви буннан бир неше ай бурын төбешиклерден ибарат еди. Бул жерде қысқа мүддетте – төрт айда барлық инфраструктуралық объектлерге ийе заманагөй массив бой тикледи.

Әндижан қаласы – мәмлекетимиздиң халық ең тығыз жасайтуғын аймағы. Қаланың Мустақиллик мәҳәллесиндеги ески барақ тәризиндеги жайларда жақын-жақынға шекем бир үйде бир неше шаңарақ қыйналып жасап келетуғын еди.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа бурынғы сапар етиўлери ўақтында қала халқының жасаўы ушын қолайлы шараят жаратыў, Бас жойбарға муўапық ески мәҳәллелердиң орнына көп қабатлы турақ жайлар қурыў бойынша усыныслар берген еди. Усы бойынша, Мустақиллик мәҳәллеси халқы ушын Хўжабод районы Хидирша массивинен 54 гектар жер ажыратылып, қала аймағына қосып берилди.

Быйыл бул жерде «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде 2 сотыхлы 220 жай, шаңарақлық поликлиника, балалар бақшасы, Еслеў майданы, мәҳәлле гүзары, китапхана, монша, гөззаллық салоны және басқа да саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары, тигиўшилик кәрханасы, мәденият орайы қурылды. Мәҳәллеге «Ғәрезсизликтиң 27 жыллығы» деп атама берилди.

Президент бул мәҳәлледеги қурылыс жумыслары менен танысты.

Жаңа мәҳәллениң қурылысында халыққа зәрүр қолайлықлар итибарға алынған. Көшип келип атырған шаңарақлардың перзентлери усы жердеги бақшаға, мектепке қатнайды, ҳаял-қызлар тигиўшилик кәрханасы, турмыслық хызмет көрсетиў шақапшаларында ислеўи мүмкин.

Шавкат Мирзиёев дәслеп  үй ийеси Дилфуза Хожиматованың шаңарағына кирип, шаңарақтың жасаў шараяты менен қызықты.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа сапарынан мақсет адамлардың турмыс сапасын арттырыў, шаңарақларға мүмкиншилиги болғанынша көбирек жеңиллик бериўден ибарат екенин атап өтти.

Тынымсыз мийнетимиз, изленислеримиз өз жемисин бере баслады, халқымыздың турмысқа көзқарасы, мүнәсибети өзгерди. Усындай ықшам жайларға көшип келген шаңарақлардың турмыстан кеўли толып, мәмлекеттен разы болады. Енди шаңарақларға өзин-өзи бағыў көнликпесин де сиңдирсек, адамлар өз ҳәўлисинде пал ҳәрре, таўық бағыўды үйренсе, ийек артыўшылық кейпияты жоғалады, жақсы жасаўға умтылыў күшейеди, деди Президент.

Дилфуза Хожиматова жаңа үйде қызлары Фатима ҳәм Зухра менен жасайды. Шавкат Мирзиёев бул сапар етиў шаңарақтың өмиринде және бир қуўанышлы ўақыя болатуғынын айтты – егизеклерди өзлери таңлаған жоқары оқыў орнына жеңилликли оқыўға киргизиўге ўәде берди. Бул усыныс үлкен қуўаныш пенен қабыл етилди.

Ўақыт күтип турмайды. Адамларға бүгин шараят жаратып бериў керек. Жасаўға шараят болса, шаңарақта қуўаныш, қәтержамлық, тынышлық болады, берекет дарыйды. Бул ҳәр бир реформаның тийкарғы мазмунын қураўы керек.

Президент бул бағдарда жуўапкерлерге гезектеги ўазыйпаларды белгилеп берди. Бул мәҳелледе екинши басқышта қурылатуғын 2 сотыхлы 612 жай, 168 квартирадан ибарат 7 көп қабатлы арзан турақ жай, 615 орынлық мектеп, 160 орынлық балалар бақшасы да Әндижандағы мине усы өзгерислерге сәйкес болыўы керек екенин атап өтти.

Жаңа мәҳәлледе Әндижан қаласындағы «Ферузбектекс» ЖШЖның тигиў кәрханасы жумыс баслады. 500 ҳаял-қыз жумыслы болған кәрханада  60 тан аслам түрдеги үлкен жастағылар ҳәм балалар кийимлерин ислеп шығарыў жолға қойылды.

Жылына 1,5 миллион дана өним таярлаў ҳәм 950 мың долларлық кийим-кеншек экспорт етиў имканиятына ийе кәрханада жумысшылар ушын бийпул ыссы аўқат, транспорт хызмети жолға қойылған. Бул да ҳаял-қызлардың жумысқа биймәлел барып келиўи, шаңарағына пайда келтириўине жәрдем береди.

Шавкат Мирзиёев кәрханада таярланып атырған кийим-кеншек үлгилери, тигиў цехындағы өндирис процесин көзден өткерди.

Көп жумыс исленбекте, булар тек үлкен жумыслардың басланыўы ғана. Бир-биримизге ийинлес болсақ, кешегиден үш-төрт есе көп ислесек, үйрениўден шаршамасақ, мийнетимиздиң рәҳәтин, әлбетте, көремиз, халқымызды разы етиў жолындағы жумысларымыз бир мақсет-муратқа қаратылған – адамлардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў. Мийнет етип усы күнлерге жеттим, ертен балам меннен жақсырақ жасайды, усы мийнетлеримиздиң жемиси перзентлеримиз ушын, деген ой-нийетте жасаўымыз керек, деди мәмлекетимиз басшысы.

Бундай кәрханаларды еки-үш есеге көбейтиў, өнимге қарыйдар табыў, базарын кеңейтиў бойынша усыныслар берилди.

Усы жерде Әндижан қаласының бас жойбары тийкарында әмелге асырылып атырған жойбарлар менен таныстырыў өткерилди. Оған муўапық 2019-2020-жылларда Әндижан қаласында халықтың турақ жайға талабын қанаатландырыў мақсетинде 150 көп қабатлы жай қурылады. Соның ишинде, барак тәризиндеги ески үйлерден босаған Мустақиллик мәҳәллеси аймағында 70 тоғыз қабатлы жай қурылады.

Мәмлекетимиз басшысына «Andijon city» қурылысының жойбары ҳаққында мағлыўмат  берилди. Дерлик 70 гектар майданға қурылыўы белгиленип атырған бул қалада 5 жулдызлы мийманхана, конгресс-холл, қуўыршақ театры, банк ҳәм офислер, саламатландырыў орайлары, кеўил ашар орынлары, кафе-ресторанлар,  7, 9 ҳәм 12 қабатлы турақ жай имаратлары бой тиклейди.

Фитрат көшесинде 41 жети қабатлы жай қурыў, Әндижанда елимизде биринши мәрте таунхаус түриндеги үлги жойбардағы жайлардың қурылысын баслаў, ўәлаятлық көп тармақлы балалар медицина орайын реконструкциялаў, «Абат район орайы» бағдарламасы тийкарында Марҳамат районында әмелге асырылатуғын жумыслар, ўәлаятта ишимлик ҳәм ақаба суў системасын жақсылаў бағдарындағы жойбарлар менен таныстырылды.

Президент барлық жойбарларда халықтың талап-мүтәжликлерин ҳәм аймақты раўажландырыўдың перспективаларын есапқа алыў, қурылыста энергия үнемлейтуғын материаллардан ҳәм технологиялардан пайдаланыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәҳәлледе қурылған «Келажак болажонлари» мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси рус ҳәм инлис тиллерин үйретиўге қәнигелестирилген болып, бул жерде Шавкат Мирзиёев алға қойған бес басламаны елимизде биринши мәрте бақша жасынан балалардың санасына сиңдириў режелестирилген. 2 қабатлы 165 орынлық мәкемеде кишкенелер ушын сүўретлеў өнери, музыка ҳәм спорт, шеберлик, тигиўшилик сыяқлы дөгереклер бар. Сабақ өтиў бөлмесиндеги мини-компьютерлер балалардың киши жастан мәлимлеме технологияларына қызығыўшылығын арттырады.

Мәмлекетимиз басшысы бақша менен танысып, перзентлеримиздиң руўхый дүньясын бақша жасынан байытыў, бул бағдардағы жумысларды арнаўлы қарар тийкарында системалы жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

Мәденият орайында бес әҳмийетли баслама тийкарында жаслардың музыка, сүўрет салыў, әдебият, театр ҳәм көркем өнердиң басқа түрлерине қызығыўшылығын арттырыў, жас талантларды жүзеге шығарыў, ул-қызларымыз өзиниң спорт тараўындағы қәбилетин көрсетиўи ушын зәрүр шараят жаратыў, олардың компьютер технологиялары ҳәм интернеттен нәтийжели пайдаланыўын шөлкемлестириў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери ҳаққында сөз етилди.

Шавкат Мирзиёев бул басламалардан мақсет жасларда «өзбекпен», «өзиме бекпен» деген миллий мақтаныш сезимин күшейтиўден ибарат екенин, ҳәр бир бағдар бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар буған ылайық ҳәм сәйкес болыўы зәрүрлигин атап өтти. Ҳәр бир баслама бойынша тийисли қарар жойбарын ислеп шығыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Президентимиз Әндижан районындағы «Makro Farm Andijan» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумысы менен танысты. Өткен жылы Шавкат Мирзиёевтиң Әндижан ўәлаятына сапары даўамында бул кәрхананың жойбары таныстырылған еди.

«Makro Farm Andijan» кәрханасының жойбарын үш басқышта турмысқа енгизиў нәзерде тутылған. Биринши басқыш 2018-жылдың август айында жуўамақланды. Жылына 2,5 миллиард сумлық дәрилик өсимликлерден биологиялық актив қосымшалар ислеп шығарылады. Бул ушын 3 миллион доллар қаржы сарыпланды, нәтийжеде 25 адамның турақлы бәнтлиги тәмийинленди.

Екинши басқышта 5 миллион доллар қаржы есабынан жылына 136 миллион дана шприц ҳәм инфузия ушын система ислеп шығарыў жойбары турмысқа енгизилди. Бул жойбар 2018-жылдың октябрь айында жуўмақланып, 110 жаңа жумыс орны жаратылды.

2020-жылға режелестирилген үшинши басқышта жүрек-қан тамыр кеселликлеринде қолланылатуғын 8 миллион дана таблетка ҳәм капсула түриндеги дәри-дармақ ислеп шығарыў жолға қойылады. 40 адам жумыслы болады.

1, 2, 5, 10 миллиграммлы шприцлер ҳәм инфузия ушын системалар ислеп шығаратуғын бул кәрхана ойпатта биреў болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта кәрхананың 10 гектар жер майданына шиповник, ромашка, барбарис, мята, календула, дала шайы, алоэ, полпола, валериана, лимон шөби,  самин шөп сыяқлы дәрилик өсимликлер жетистирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы бул кәрханада таярланып атырған дәри-дармақларды көзден өткерди. Дәри-дәрмақлардың халықаралық сапа талапларына толық жуўап бериўин тәмийинлеўге айрықша итибар қаратыў керек екенлигин атап өтти.

Усы жерде Әндижан қаласындағы «Avto Tekstil» ЖШЖның автомобиль ҳәм автобус отырғышлары ушын гезлеме-таўар ислеп шығарыў жойбарының презентациясы өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысына Өзбекстан Республикасының Германия ҳәм Ҳиндстандағы елшиханалары тәрепинен ўәлаятта әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Усыған бола, Ҳиндстанның «Cadila Pharmaceuticals LTD» компаниясы «Әндижан фарм» еркин экономикалық зонасында таблетка, капсула ҳәм инъекциялық дәри-дәрмақларды ислеп шығарыўды жолға қояды. 50 миллион доллар қаржы жумсалыўы нәзерде тутылған жойбардың жуўмағында 400 ден аслам жумыс орны жаратылады. Жылына 3 миллион долларлық өним экспорт етиледи. Бул жойбар 2019-2023-жыллар даўамында 3 басқышта турмысқа енгизиледи.

Мәмлекетимиздиң Германиядағы елшиханасы тәрепинен 2019-2021-жылларда баҳасы 39 миллион евролық жети жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Нәтийжеде 700 жумыс орны жаратылады. Транспорт-логистика орайы, мийўе-овощты қайта ислеў, шайды қадақлаў кәрханалары, шарўашылық кластери шөлкемлестирилип, суйылттырылған газ ислеп шығарылады.

«GM Uzbekistan» акционерлик жәмийетинде бирден-бир платформа тийкарында жаңа автомобиль модельлерин өзлестириў бойынша жойбар менен таныстырыў болып өтти. Бул жойбардың әмелге асырылыўы 10 мың адамды турақлы жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын береди.

 

ӨзА