…күнниң жақты ўақтында барлық автомототранспорт қуралларының жақынды жақтыландырыўшы шырақларын ямаса күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекет етиўи шәрт екенлиги белгиленди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-апрельдеги қарары менен жол ҳәрекети қағыйдаларына өзгерис киргизилген еди.
Оған бола, моның ишинде, күнниң жақты ўақтында барлық автомототранспорт қураллары жақынды жақтыландырыўшы шырақларын ямаса күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекет етиўи шәрт екенлиги белгиленди. Әне усы киргизилген өзгерис көпшилик пуқаралар тәрепинен наразылық пенен қарсы алынып, бундай өзгерис киргизиўге себеплер жетерли емес екенлиги, транспорт қуралларының бүгинги күндеги техникалық жағдайының сай келмей атырғанлығы сыяқлы қарсы пикирлер билдирилмекте. Соның ишинде, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатларына да сайлаўшылар тәрепинен усы мазмундағы көплеген мүрәжатлар билдирилмекте.
Бирақ…
Жоқарыдағылардан келип шығып, усы мәселе бойынша төмендегише жуўмақ шығарыў мүмкин.
Бириншиден, бизиң шараятымыздағы бундай қарарды қабыл етиўде бир қатар өзине тән өзгешеликлер есапқа алынбаған. Атап айтқанда, Өзбекстанда жыл даўамында сутканың тийкарғы бөлими жақты ўақытқа туўра келетуғынлығы себепли пиядалар ҳәм жолаўшылардың ҳәрекет етиўинде инсан көзиниң әтирапты толық көре алыўы ушын қуяш жақтылығының жетерли екенлиги.
Екиншиден, мәмлекетимиздиң климат шараятын есапқа алсақ, жыл даўамында күнлердиң тийкарғы ўақты ыссы, қурғақшылық, думан ҳәм ҳаўа аз бултлы регион екенлиги есапқа алынбаған. Мысалы ушын, Молдовада бундай тәртип тек қыс мәўсиминде әмелге киргизилген ҳәм тәртипти бузғанлық ушын жәрийма илажлары қолланылмайды.
Үшиншиден, күндизги күнлери, соның ишинде, жаз мәўсиминде температураның жүдә жоқары ўақтында да шырақлардың жағып жүрилиўине ески модельдеги автомобильлердиң сай ҳалатда ислеп шығарылмағанлығы. Бул мәселеде Европа мәмлекетлери тәжирийбесине сүйенилсе, оларда бундай тәртип 2011-жылдан әмелге киргизилген болып барлық автомобиль ислеп шығарыўшыларға жаңа автомобильлер ушын күндизги автомат түрде жаныўшы шырақларды орнатыў шәртлиги белгиленген. 2011-жылға шекем ислеп шығарылған автомат түрде шырақлары жанбайтуғын автомобиль ийелерине болса мәжбүрий шырақларды жағып ҳәрекет етиў тәртиби жоқ. Усыған бола, мәмлекетимиздеги автомобиль ислеп шығарыўшылар яки сырттан автомобиль алып келиўшилерге де шырақлардың автомат түрде жанып турыўын тәмийинлеўши фаралар менен үскенелеў миннетлемелерин жүклеў зәрүр болады.
Төртиншиден, соңғы жыллардағы әмелиятқа сай түрде социаллық әҳмийетке ийе әҳмийетли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер кең жәмийетшиликтиң додаланыўына қойылыўы ҳәм билдирилген усыныслар тийкарында жетилистирилип, оған сай түрде көрип шығыў бойынша ҳуқықый тийкар ҳәм әмелият болыўына қарамастан ҳүжжетде жәмийетшиликтиң пикири есапқа алынбаған.
Бесиншиден, 2016-жылдың сентябрь айына шекем әмелде болған Жол ҳәрекети қағыйдаларының 138-бәнтинен келип шығып, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 128-статьясына «сыртқы жақтыландырыў үскенелеринен пайдаланыў қағыйдаларын бузғанлық» ушын ең кем айлық мийнет ҳақының екиден бир бөлеги муғдарында жәрийма белгилеў бойынша Өзбекстан Республикасының 2016-жыл 23-сентябрдеги нызамын редакторлаўдағы диспозициясы депутатлар тәрепинен мақулланып, қабыл етилген еди.
Бирақ, Министрлер Кабинетиниң қарары менен Жол ҳәрекети қағыйдаларының 138-бәнтине киргизилген «Күнниң жақты ўақтында барлық автомототранспорт қураллары жақынды жақтыландырыўшы шырақларын яки күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекет етиўи шәрт» деген өзгерис Өзбекстан Республикасының 23-сентябрь 2016-жылдағы нызамының тийисли бөлеги концепциясына сәйкес келмейди.
Алтыншыдан, усы тәртипке әмел етпеў ақыбетинде төлениўи керек болған жәрийма муғдарлары орташа айлық мийнет ҳақыларына салыстырғанда Италияда 85 есеге, Латвияда 146 есеге, Словенияда 56 есеге, Финляндияда 82 есегеазды қурайды. Бизде болса белгиленген жәрийма муғдары орташа айлық мийнет ҳақыға салыстырғанда 16-17 мәрте азды қурамақта.
Усы тийкарлардан келип шыққан ҳалда биз бир топар депутатлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине ҳәм Ишки ислер министрлигине Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 9-апрельдеги Қ292-санлы қарары менен жол ҳәрекети қағыйдаларына «күнниң жақты ўақтында барлық автомототранспорт қураллары жақынды жақтыландырыўшы шырақларды яки күндизги сигнал шырақларын жағып ҳәрекет етиўи шәрт» екенлиги бойынша киргизилген өзгеристи бийкарлаў ямаса жәмийетшиликтиң пикирин есапқа алған ҳалда жетилистириў, атап айтқанда, бундай қағыйдабузарлық ушын жәрийма белгилемеў мәселесин көрип шығыў бойынша усыныс киргиздик.
Биз бул мәселе тез күнлерде өзиниң унамлы шешимин табады деп, үмит етемиз.
Расул Кушербаев,
Абдурашид Абдуқодиров,
Жамшид Пирматов,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары.