Усы жыл 16-май күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайында Нөкис қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң басламасы менен  16-май «Миллий қәдириятлар күни», «Шаңарақ-қәдириятлар бесиги» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы ҳәм «Бахыт қорғанының қурыўшылары ҳүрметте» атамасында 35, 40, 50 ҳәм оннан артық жыллар даўамында татыў жасап атырған шаңарақларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Онда Нөкис қалалық ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Г.Абибуллаева, Нөкис қаласы ПҲАЖ  бөлими баслығы С.Пирназарова, «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы  Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы М.Өтепбергенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды 15-май «Халықаралық шаңарақ күни» менен қызғын қутлықлады ҳәм  шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў, шаңарақларда әдеп-икрамлылық орталығын жақсылаў,  жәмийетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаўда шаңарақтың тутатуғын орнын кең түрде атап өтти.

– Елимиз бойлап «Халықаралық шаңарақ күни» көтериңкилик руўхта өткерилмекте. Мине бүгинги илажда 35, 40, 50 ҳәм оннан артық жыллар даўамында татыў жасап атырған шаңарақлар шақырылып, жас шаңарақларға олардың өмир жолы, турмыслық тәжирийбелери үлги сыпатында көрсетилмекте. Бул жас шаңарақлар ушын тәжирийбе мектеби болып хызмет етеди деп ойлайман, – дейди «Ел абат» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Айгүл Пирназарова. – Муратбай Ирманов пенен 50 жылға шамалас ўақыт даўамында биргеликте шаңарақ қурып 6 перзентти тәрбиялап, бүгинги күнде 16 ақлық сүйип отырмыз. Шаңарағымыз тыныш ҳәм татыў, аўызбиршиликте жасап атырмыз. Перзентлерим жәмийетке пайдасы тийетуғын инсанлар болып жетилисти.

Буннан соң, «Бахыт қорғанының қурыўшылары ҳүрметте» атамасында 35, 40, 50 ҳәм оннан артық жыллар даўамында татыў жасап атырған,  перзентлерин шаңараққа, Ўатанға садықлық руўхында саламат ҳәм бәркамал етип тәрбиялап атырған 30 дан аслам шаңарақ ағзалары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары  менен сыйлықланды.

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы