Тайвань. Тайдун ўәлаятында 5,1 магнитудадағы жер силкиниўи жүз берди.

 Уллы Британия. Brexit жойбары бойынша жүзеге келип атырған қарама-қарсылықлар тәсиринде мәмлекеттиң парламент ўәкиллеринен бири Крис Хитон-Харрис отставкаға шықты.

Венесуэла. Мәмлекет ҒХҚ өзин ўақтынша Венесуэла президенти деп жәрялаған Хуан Гуаидо үстинен жынайый ис баслағанлығын мәлим етти.

Қазақстан. Қасым-Жомарт Тоқаев Қазақстан Республикасы Президенти сыпатында өзиниң дәслепки сырт елге сапарын әмелге асырып, Россия Федерациясына келди.

Испания. Каталонияда 4,2 магнитудадағы жер силкиниўи жүз берди.

З.Мирзабоева, ӨзА