Орайлық банк Мәмлекетлик басқарыў академиясында мәпдар министрликлер, уйымлар ҳәм коммерциялық банклердиң ўәкиллери ушын жумысты бөлип алып ислеўши шөлкемлерин жойбарлы қаржыландырыў ҳәм халыққа турақ жацларды эскроу есап-бетлери арқалы сатылыўын жолға қойыў темасында семинар шөлкемлестирилди.
Семинарда көшпели мүлклерди үлес киргизиў тийкарында қурыў процесин тәртипке салыў ҳәм халыққа турақ жайларды эскроу есап-бетлери арқалы сатылыўын жолға қойыў механизмлери, қаржыландырыў мәселелери, оны тәртипке салыў абзаллықлары ҳәм әҳмийетли екенлигине байланыслы презентациялар болып өтти.
Сабақларда үлес киргизиў тийкарында турақ жай қурыўдың ҳуқықый тийкарлары ҳәм машқалалары, үлесли шәртнамаларды мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртиби, турақ жайдың қурылысында халық қаржыларының толық сақланыўын кепиллеў системасын жаратыў бойынша мағлыўматлар берилди.
Эксроу есап-бетлери жаңа система болып, ол бәринен бурын, сатыўшы (турақ жай қурыўшы) ҳәм тутыныўшы арасындағы есап-санақлардың қәўипсизлигин тәмийинлейди. Банкте ашылған эскроу есап-бетине киргизилген тутыныўшылардың қаржылары сатыўшы есап бетине шәртнамада белгиленген барлық талаплар орынланғанынан соң өткериледи. Онда банк бийғәрез дәлдәлши сыпатында сатыўшы ҳәм тутыныўшы арасындағы шәртлердиң орынланыўын бақлап барады.
Сонлықтан семинарда жойбарлы қаржыландырыўды енгизиўдиң сырт ел тәжирийбесин үйрениўге кең орын берилди. Атап айтқанда, қурылыс дәўиринде шәртнамаларды дизимнен өткериў процеси, көшпели мүлк пенен байланыслы келисимлерди нотариус тартылмаған ҳалда рәсмийлестириў, турақ жай қурылысының бирден бир санлы платформасын қәлиплестириў механизмлери көрип шығылды.
Ш.Маматуропова, ӨзА