«Исбилермен бай болса, мәмлекет бай болады», деп Президентимиз атап өткениндей мәмлекеттиң раўажланыўында исбилерменлердиң орны айрықша. Елимизде исбилерменликти раўажландырыў ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ушын кең имканиятлар жаратылып, бул бағдарда бир неше ҳүкиметлик қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Әсиресе усы жылдың август айында Президентимиздиң республикамызға сапары даўамында исбилерменлер менен ушырасыўында және де кең имканиятлар ҳаққында сөз етилди.  Бул қоллап-қуўатлаўлар нәтийжесинде елимизде исбилерменлердиң үлкен табысларға, жақсы нәтийжелерге ерисип атырғанлығы көзге тасланбақта.  Биз жаңа жыл байрамы қарсаңында  «Kaypanov Development Group since 2016» тийкаршысы, САМО халықаралық инсан раўажланыў орайы Қарақалпақстан Республикасы франчайзери, «Deya», «Rash milk», «Fairy Land» брендлери дистрибьюторы, 80 000$ дан артық билимге инвестиция ислеўге миясар болған, Бизнес раўажланыў банк U Hope Yamagata University бағдарламасы бойынша  cертификатлы «MEHTOP» қара белбеў ийеси, сондай-ақ, Москва,  Дағыстан, Краснодар,  Қазақстан, Түркия, Сингапур мәмлекетлеринде өзиниң исбилерменлик бойынша билим тәжирийбесин арттырған «Сатыў көлемин асырыў» бойынша халықаралық сертификатқа ийе бизнес-тренер Азамат Қайпанов пенен  исбилерменлик жолындағы қыйнышылықлар, табыслар ҳәм нәтийжелер ҳаққында сәўбетлестик.

-Азамат Бегимбаевич Сиз дәслеп бажыхана тараўында жумыс ислеп, отставкаға шыққансыз. Бажыханашыдан исбилерменниң шығыўы қалай болған. Дәслепки қәдемлер, қыйыншылықлар, табыслар ҳаққында…

– 2017-жыл Бажыхана басқармасының шегара пост баслығы лаўазымынан әскерий отставкаға шыққан ўақтымда, сол ўақытта ең жас пенсионер пост баслығы едим. Әкем ҳәм иним баслаған кәрханасына жайластым ҳәм  қосымша Ташкент қаласына анда-санда таксишилик етер едим. Бирақ тапқанларымның дерлик бәри ЖҲҚБ тезлик жәрималарына кетер еди. Бирге Бажыхана институтында оқыған курсласларым арқалы Ферғана ойпатлығындағы  ўәлаятларда жасаўшы  курсласларыма хабарластым. Себеби, ол тәрепте исбилерменлик бизлерге қарағанда әдеўир раўажланған еди. Усылай етип RASH-MILK сүт өнимлериниң йогуртларын алып келип сатып басладым. Басламасында сатыў жолларын билмес едим. Көп қыйншылықлар, әўметсизликлер болды. Билмегенимди сорастырдым. Солайынша әсте ақырын исбилерменлик жумысларым басланды.   Бул жағдайлар бурын  5 жыл бөлим ҳәм пост баслығы лаўазымында ислеген адамға жүдә аўыр батар еди. Деген менен өзимди-өзим жубатып, «пост баслығына бирден ериспедиңғо, дәстлепки қәдемлериңде курсант едиғо» деп өзиме-өзим тәселле берип  өз үстимде ислеўди даўам еттирдим. Яғный, үлкен табыслар кишкене қәдемлерден басланатуғынына көзим жетти. Ҳәзир тынымсыз мийнетлерим ҳәм билимлеримди жетилистириў нәтийжесинде кәрханамыздың жумыс көлеми кеңейип, 50 ден аслам пуқара жумыс ислемекте. Кәрханамыздың хызмет ўазыйпасы ислеп шығарыўшылардан  келип түскен өнимлерди саўда орайларының буйыртпасы тийкарында орынларға жеткерип бериўден ибарат. Пайтахтымызда ҳәм районларында сақлаў орынларымыз бар. Ҳәзирги ўақытта оннан аслам «Лаво»  ҳәм 1 дана «Хундай»  автотранспортларына ийемиз.

-Сиз ҳәзир исбилерменлик тараўы бойынша оқыў курсларында  сабақлар өтип атырсыз. Бул жумыслардың нәтийжеси  қандай болмақта?

-Сатыў тараўында тәжрийбем болмағанлығына байланыслы социал тармақлардан көрип  ҳәм китаплар оқый басладым. Күнлерден бир күни жүк жеткизип бериў барысында яғный доставка ўақтында  САМО халықаралық инсан раўажланыў орайы тийкаршысы Саидмурод Давлатовтың «Я и Деньги» китабын көрип қалдым ҳәм китапты оның өзинен алыўға еристим. Бул маған үлкен түртки болды. Буннан соң социал тармақлардан байланысқа шығып оның курсларында оқый басладым. Аллаға шүкир исбилерменликти үйрениў бойынша алған  билимлеримниң нәтийжесинде бир неше кәрханалар ийесине айландым. Соңынан Саидмурод Давлатов мениң бизнестеги устазыма айланды ҳәм ол инсаннан исбилерменликтиң сырларын, теориясын үйрендим. Халықаралық инсан раўажланыў орайында үш жылдан аслам билим алып, бир неше сырт мәмлекетлерде билимлеримди жетилистирип, тәжирийбе арттырдым. 2022-жыл февраль айында Москва қаласында өткерилген устазымыздың мастер класс курсында ол «егерде өзиңиздиң, елиңиздиң раўажланыўына үлес қосыўды қәлесеңиз көп оқың, излениң, үйрениң» деп мәсләҳәтлер берди, соң,  70 тен аслам  исбилерменлер  ишинен  «сенде потенциал бар, Қарақалпақстанда бизнестиң раўажланыўына сен себепши бол» деген гәплери маған үлкен мотивация болды. Усы жылдың апрель айында  ел басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен Саўда санаат палатасында «Киши бизнеске көмеклесиў орайы» жумыс баслады. Мен  алған билимлеримди жүзеге шығарыў ушын усы оқыў орайында  бизнести дурыс жүргизиў, финанслық саўатлылық, жеке өсиў ҳәм шаңарақтағы қарым-қатнасларды беккемлеў бойынша оқыў курсларын шөлкемлестирип, бул бойынша исбилерменликке қызығыўшы жасларға сабақлар өтип келмектемен. Бул оқыў курсларында республикамыздағы белгили исбилерменлердиң қатнасыўында бизнес бойынша сәўбетлесиўлер  шөлкемлестирилип келинбекте. Бундағы тийкарғы мақсет республикамызда киши ҳәм орта бизнесте жумыс алып барып атырғанларға жол-жоба көрсетиў, бизнес бойынша билимлерин арттырыўдан ибарат. Бизнес курсларда оқыған 100 ден аслам шәкиртлерим жақсы нәтийжелерге еристи ҳәм алдағы ўақытларда буннанда үлкен нәтийжелерге ерисемиз деп ойлайман. Соның менен бирге бизнес тараўы бойынша бир неше китапларды қарақалпақ тилине аўдарып, баспадан шығарыўға еристик.

-Исбилерменликти нольден баслаған жаслар қалайынша дәраматқа шығыўы мүмкин?  Бул бағдарда жаслардың қәтелиги ҳәм әўмети неде деп ойлайсыз?

-Исбилерменликти нольден баслаў бойынша бир неше этапта оқыў курсларын шөлкемлестирдик ҳәмде Япония U-HOPEY amagata University тийкарында алған билимлеримизди «Киши Бизнеске көмеклесиў Орайы» менен биргеликте шөлкемлестирип оқыў ислерин даўам етпектемиз. Бул бағдарда айырым жаслардың ең үлкен қәтелиги -бирден байып кетиўин яки көп ислемей көп пул табыўын қулласы бир сөз пенен айтқанда мийнети аз бирақ дәрамады көп болыўын қәлейди. Ең тийкарғысы руўхыйлық ҳәм арнаўлы бизнес билимлер жетиспеўшилиги. Бул бағдарда асығыслыққа, шалалыққа жол қоймай устаз-шәкиртлик системасын және де жетилистириў керек деп ойлайман.  Қызыққан тараўында кеминде 2-3 жыл ислеп тәжрийбе арттырып  соң устаз пәтиясын алып баслаған мақулырақ.

-Жақында республикамыздан бир қатар исбилерменлер қатарында Япония мәмлекетинде болып қайтқан едиңиз. Япония экономикасы раўажланған мәмлекетлер қатарына киреди. Сиз сол мәмлекеттен қандай тәсирлер менен қайттыңыз?

-Усы жыл октябрь айында ϴзбекстаннан 24  исбилермен Менторлық билим ҳәм имтихан ушын Японияға барып қайттық. Яғный республикамыздан киши бизнеске көмеклесиў орайы менторлары 4 исбилермен қатнастық. Ол қаладан ҳәм инсанларынан үйренетуғынларымыз жүдә көп. Заманагөй технология ҳәм қаланың тазалығы сондай-ақ, адамлардың бир-бирине болған ҳүрмети жүдә жақсы. Буннан тысқары олардың қалайынша тез раўажланғанын ҳәм бизнес алып барыўда нелерге дыққат қаратыў кереклиги ҳаққында әжайып  мағлыўматлар алдық. Японияның тарийхый ҳәм мәдений орынлары, бизнес орайлары  менен таныстық. Белгили исбилерменлер, бизнес ўәкиллери менен ушырастық. Ямагата университетинде болып өткен менторлар оқыў курсында серификатқа ийе болдық. Усы алған билимлеримизди оқыў курсларымда исбилерменликке қызығыўшы жасларға үйретип келмектемен.

-Елимизде исбилерменлер ушын жаратылып атырған имканиятлар сизди қай дәрежеде руўхландырмақта?

– Өтип баратырған «Жаслар ҳәм бизнести қоллап жылы» елимиз ушын табысларға толы, исбилерменлер ушын имканиятларға бай жыл болды. Президентимиздиң исбилерменлерге ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша итибары, оның ҳәр бир сөзи биз исбилерменлерди жаңа басламаларға руўхландырып, келешекке қарай талпындырмақта. Сонлықтан да елимизде ҳәр бир исбилермен  жаратылған имканиятлардан пайдаланған ҳалда жумыс алып бармақта. Усы жылы август айында республикамызда исбилерменлер менен өткерилген ушырасыўында «Билиң артыңызда Президент тур, ҳеш нәрседен қорықпаң!» деген сөзи республикамыз исбилерменлерине үлкен мотивация болды.  Сондай-ақ, усы жылдың 20-декабрь күни Президентимиздиң  жыл жуўмағы ҳәм 2025-жыл ушын Стратегиялық режелери бойынша өткерилген ушырасыўында және бир мәрте исбилерменлер ушын айтқан гәплери дерлик барлық исбилерменлердиң руўхын көтерди ҳәм келеси  2025-жыл энергияға толы мотивация жылы  болады деп ойлайман. Исбилерменлик ушын берилип атырған жеңилликлер, шараятлар сондай-ақ, имканиятлар ушын миннетдаршылығымды билдиремен.

-Алдағы режелер, мақсетлер ҳаққында…

-Режелер көп. Тийкарғы мақсетим республикамызда киши бизнес ҳәм орта бизнес көлеминде исбилерменлерди таярлап оларға көмеклесиў ҳәм жеке кәрханамның сынын көбейтип ол жерде  жаслардың бәнтлигин тәмийинлеп, елимиздиң экономикасының өсиўине үлес қосыўдан ибарат. Ең тийкарғысы жаслардың исбилерменлик бойынша билимлерин арттырыў, руўхый саўатлылығын жетилистириў. Себеби билимли исбилермен ҳәр қандай қыйыншылықтан шығысып, өзиниң жумысын раўажландырыў менен бирге мәмлекеттиң бай болыўына тийкар жаратады.

Жаңа жыл босағасында турып, халқымызды жаңа 2025-жыл менен қутлықлайман. Жаңа жыл елимизге жаңа раўажланыўлар, табысларды алып келетуғын жыл болғай.  

Сәўбетлескен: Гүлнара Турдышова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы