Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 25-февралдағы 133-ф-санлы Бийлигине муўапық Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети «Журналистика» кафедрасында 2019-жылдың 22-апрель күни «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасында халықаралық илимий конференция өткериў режелестирген.
Конференция төмендеги бағдарларды қамтыйды:
- Глобалласыў ҳәм информация тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары;
- Глобалласыў шараятында ҒХҚның ўазыйпалары;
- Ғалаба хабар қуралларында информация қәўипсизлиги мәселелери;
- Жаслардың руўхый мәдениятын қәлиплестириўде ғалаба хабар қуралларының орны;
- Веб-сайтлар арқалы жаслардың жәмийетлик, сиясий, мәдений, экономикалық билимлерин асырыў жоллары;
- Ғалаба хабар қуралларының әдебий тилден пайдаланыў мәселелери;
- Социаллық тармақлардың жаслардың көз-қарасларын қәлиплестириўге тәсири;
- Глобал тармақларда информациялық қәўипсизликти тәмийинлеў усыллары;
- Журналистлик этика ҳәм журналистлик ҳуқық мәселелери.
Конференцияда қатнасыў ушын материаллар шөлкемлестириў комитетине усынылыўы керек. Конференция материаллары топламын баспадан шығарыў нәзерде тутылған.
ИЛИМИЙ МАҚАЛАЛАРҒА ҚОЙЫЛАТУҒЫН ТАЛАПЛАР:
– илимий мақалалар конференцияның темасына ҳәм көрсетилген бағдарларға сәйкес келетуғын актуал, илимий анализленген ҳәм жуўмақланған пикирлерге тийкарланған, тийисли усыныслар келтирилген формада усынылыўы керек;
- материаллар қарақалпақ, өзбек, рус ҳәм инглис тиллеринде усынылыўы мүмкин;
- илимий мақалалар редакторланған ҳалда А4 көлеминдеги қағазға, жоқарыдан ҳәм төменнен 2,5 см, шептен 3 см, оңнан 1,5 см орын қалдырып териледи. Мақаланың атамасы 1 интервалдан соң автордың аты ҳәм фамилиясы бас ҳәриплерде жазылады. Кейин автордың жумыс орны ҳәм лаўазымы көрсетиледи. Соң 1 интервал қалдырылып текст 1,5 интерваллы қатарларда Times New Roman шрифтинде, 14 кегел көлеминде болыўы керек;
- илимий мақалалар 5-беттен аспаўы, бир нусқа қағазда ҳәм электрон көринисте, сондай-ақ автор ҳаққындағы мағлыўматлар: телефон, почта мәнзили көрсетилип шөлкемлестириў комитетине усынылады;
- Студентлер ҳәм магистрлардың мақалалары илимий басшының пикири менен қабыл етиледи.
- Шөлкемлестириў комитети мақалаларды саралаў ҳәм редакторлаў ҳуқықына ийе. Мақаладағы келтирилген фактлер ҳәм пикирлер ушын автордың өзи жуўапкер.
Шөлкемлестириў комитетиниң мәнзили: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1-жай, Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети Журналистика кафедрасы 2-бина, 3-этаж, 316-бөлме.
Жуўапкерлер: Злиха Оразымбетова (91) 386-07-49
Даулетбай Бекбаулиев (99) 318-36-64
Тамара Машарипова (99) 951 95 67
Ҳурмет Атажанов (93) 485-68-55
Почта манзили: E-mail: Zlixa4@mail.ru; hurmet_05@mail.ru; janga-tv@mail.ru