Россия Федерециясы Президенти Владимир Путин бүгин, 28-март күни мәмлекетлик сапар менен Қырғызстан Республикасына келди. Бул ҳаққында ТАСС мәлимлеме агентлиги хабар тарқатты.

Сапар етиў шеңберинде Россия басшысы Бишкекте Қырғызстан Президенти Сооранбай Жээнбеков пенен сөйлесиў өткереди. Буннан соң Президентлер Россия – Қырғызстан аймақлараралық конференциясына қатнасады ҳәм жазыўшы Шыңғыс Айтматовтың үй-музейине барады.

«Сөйлесиў ўақтында мәмлекет басшылары Россия – Қырғызстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларының бүгинги жағдайы ҳәм раўажланыў перспективаларын додалайды, – деп хабар етти Кремль баспасөз хызмети. – Сондай-ақ, регионаллық структуралар шеңберинде бирге ислесиўди тереңлестириў мәселелери, соның ишинде, быйыл Қырғызстан Республикасының Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Коллективлик қәўипсизлик шәртнамасы шөлкемине басшылығы бойынша пикир алысады».

Россия Президентиниң жәрдемшиси Юрий Ушаковтың мәлим етиўинше, сөйлесиўлер жуўмағында мәмлекет басшыларының Бирликтеги билдириўи қабыл етилиўи, ҳәр қыйлы тараўларда бирге ислесиўге байланыслы ҳүкиметлераралық, уйымлараралық ҳәм коммерциялық ҳүжжетлерге қол қойылыўы күтилмекте.

ӨзА