Қазақстанның Қызыл Орда ўәлаятында «Ми-8» вертолёты қулап түсти. Ҳәдийседе 13 әскерий хызметкер өмирден көз жумған.

 Бул ҳаққында РИА Новости Қазақстан Қорғаныў министрлиги мәлимлемесине тийкарланып хабар берди.

Мәлим болыўынша, Ми-8 вертолёты басқа да әскерий вертолётлер менен Ақтаўдан Шымкентке қарай жол алған. Пәрўаз түнде, қолайсыз ҳаўа-райы шараятында әмелге асырылған.

Ҳәзирги ўақытта сол орында арнаўлы комиссия ўақыя себеплерин үйренбекте. «Парўаз қағыйдаларын бузыў» статьясы бойынша ис қозғатылған.

ӨзА