2022-жылы Өзбекстан халқын дизимге алыў илажы өткериледи. Бул ҳаққында ҳәзирги ўақытта Өзбекстан миллий баспасөз орайында болып атырған Мәмлекетлик статистика комитетиниң илажинда мәлим етилди.
Мағлыўматларға қарағанда, халықты дизимнен өткериў дүнья стандартлары тийкарында өткериледи.
Ҳәзирги ўақытта халықты дизимге алыўдың ҳуқықый тийкарлары ислеп шығылмақта. Дизимге алыў жумыслары 3 басқыштан ибарат болып, ҳәзирги ўақытта оған таярлық көрилмекте.
Ең соңғы халықты дизимге алыў илажы 1989-жылда өткерилген ҳәм онда 19.9 миллион халық дизимге алынған.
Өзбекстанда ғәрезсизлик дәўиринде халықты демографиялық дизимнен өткериў илажы әмелге асырылмаған.
Дизимде халықтың демографиялық көрсеткишлер миллети, жасы, денсаўлығы, лаўазымы, қайсы транспорттан пайдаланыўы сыяқлы белгилери де есапқа алынады.
Илажға жумсалатуғын қаржы ҳәзирше белгиленбеген ҳәм ол ислеп шығыў процесинде.
Илаж даўам етпекте.
Анора Содиқова,ӨзА