Қырғызстанда жеңил ҳәм тез сиңетуғын инновациялық май жаратылды. «Кабар»дың жазыўынша, бул ҳаққында мәмлекеттиң «Миллет саламатлығы» миллий бағдарламасының директоры Дмитрий Еделев сапалы және қәўипсиз азық-аўқат мәселелери бойынша шөлкемлестирилген конференцияда мәлим еткен.

 Дмитрий Еделевтиң сөзлерине бола, Қырғызстанда майды тазалаў процесинде пайда болатуғын глицидил ҳәм оның эфирин қадағалаў бойынша баслама көрсетти.

«Глицидил – бул оғада қәўипли канцероген болып, ол Европа ҳәм АҚШта қадаған етилген. Бирақ, Евразия экономикалық аўқамы (ЕАЭА) аймағында оған рухсат берилген. «Қырғызстан глицидилди қадаған етиўде бириншилерден болып баслама көрсетеди. Егер биз рационнан глицидилди алып тасласақ, рак кеселлигине шалыныў қәўипин 37 проценттке қысқартқан боламыз», деген ол.

Дмитрий Еделевтиң қосымша етип айтыўынша, ЕАЭА көлеминде дәслепки рет Қырғызстанда жеңил ҳәм тез сиңетуғын, канцерогенлерсиз май ислеп шығарылған болып, ол өмирди узайтыў, жүрек, қан-тамыр системасының жумысын жақсылаў және холестерин муғдарын азайтыў өзгешелигине ийе. Инновациялық технологиялар тийкарында жаратылған жаңа өним келешекте Россия базарына экспорт етилиўи мүмкин.

 

ӨзА