Иран. Мәмлекеттиң 25 провинциясында бақланған күшли суў тасқынларында қайтыс болғанлардың саны 19 ға жетти.

 АҚШ. Мәмлекет бойлап ҳәрекетленип атырған Boing 737 Max  лайнери двигателиндеги насазлық ақыбетиндеги айрықша жағдай себепли самолёт Флориданың Орланда аэропортына қоныўға мәжбүр болды.

Мексика. Чимальукан қаласындағы пиротехника қуралларын ислеп шығарыўшы кәрханада жарылыў жүз берди. Ҳәзирше көрилген зыян ақыбетлери ҳаққында мағлыўматлар келтирилмеген.

Қазақстан. Мәмлекет пайтахтында үш автобустың соқлығысыўы ақыбетинде жүз берген жол транспорт ҳәдийсесинде 2 адам қайтыс болды, 27 адам жарақатланды.

Әзербайжан. Баку қаласындағы саўда орайларынан биринде ири өрт жүз берди.

 

Зуҳра Мирзабоева, ӨзА