Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлерине сапары ҳүрметине дүньядағы ең бийик имарат болып есапланған Дубайдағы Бурж Ал-Халифа ҳәм басқа да дыққатқа ылайық объектлер Өзбекстан байрағының реңлерине безелди. Бул ҳаққындағы фото ҳәм видеоларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң баспасөз хызмети өзиниң социаллық тармағындағы бетлеринде жәриялады.

 Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев БАӘға рәсмий сапары шеңберинде Дубай қаласында Шайх Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум менен сөйлесиўлер өткергенлигин атап өтиў керек. Көп қырлы бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери «Заабил» сарайында болып өткен ушырасыўдың тийкарғы темасы болды. Дубай әмири өзиниң раўажланыўының жаңа басқышына шыққан Өзбекстан менен көп қырлы байланысларды беккемлеўден мәпдар екенлигин билдирди.

Өзбекстан Президентиниң БАӘға сапары шеңберинде улыўма баҳасы 10 миллиард доллардан зыят болған келисимлерге ерисилди.

qsfTzsNHrMCnUPa0J5Hty9eJ1yESPjTt.jpg

ӨзА