Қазақстанда 45 адам тәбийғый газден зәҳәрленген, олардың 41и оқыўшылар.

 Бул ҳаққында Қазақстан денсаўлықты сақлаў министрлигиниң жәмийетлик саламатлықты қорғаў комитетиниң баслығы Жандарбек Бекшин бүгин, 19-март күни мәлим еткен.

РИА Новости Жандарбек Бекшинниң билдириўинен силтеме келтиреди. Онда айтылыўынша, кеше, 18-март күни жергиликли ўақыт пенен 16.40 да Шымкент қалалық емлеўханасына зәҳәрлениў белгилери менен оқыўшылар жеткериледи. Балаларда мий айланыўы, кеўил айныўы ҳәм қысқа мүддетли естен таныў белгилери болған. Оларға өз ўақтында биринши медициналық жәрдем көрсетилген. Емлениўден кейин наўқасларға үйине жуўап берилген.

Мәлим болыўынша, бул ҳәдийсеге мектептен 600 метр узақлықта жайласқан газ бөлистириў станциясынан метан сызып шығыўы себеп болған.

ӨзА