Театрға соңғы рет қашан бардыңыз? Тән алыў керек, көпшилигимиз айына бир мәрте болса да театр босағасын атлап өтпеймиз. Кимлердиңдур ўақты жоқ, және кимлердиңдур «артықша пулы». Ҳәттеки театр имараты жанынан ҳәр күни өтип кетип, бир рет  болса да спектакль көрмегенлер де бар десем исенебериң. Себеби, бир танысым оны мақтанғандай етип айтып берген еди.

 Уллы ағартыўшы Маҳмудхўжа Беҳбудий «Театр бул өрнек алатуғын орын», деп бийкарға атап өтпеген. Себеби театр инсанлардың санасы ҳәм кеўлине тиккелей күшли тәсир етиў қәсийетине ийе. Бүгинги күнде республикамыздағы барлық театларда тамашагөйлерге сабақ болатуғын, эстетикалық зәўық ҳәм руўхый азық беретуғын сахналық дөретпелер көрсетилмекте.

Президентимиздиң 2018-жыл 28-ноябрьдеги «Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде биринши рет мәмлекетимиздеги барлық театрларда 21-27-март күнлери «Театр тамашалары ҳәптелиги» өткериледи.

Ҳәптелик шеңберинде барлық театрларда театр кийим-кеншеклери және декорациялары, китаплардың көргизбеси ҳәм дөретиўшилер менен ушырасыўлар болып өтеди.

Еслетип өтемиз, 21-27-март күнлери театр тамашалары бийпул көрсетиледи.

 

Ҳуршид Қодиров, ӨзА