Жаслар дөретиўшилик сарайында Өзбекстан жаслар аўқамы ҳәм «EDU-EXPO» компаниясы менен биргеликте жасларға сырт елде билим алыў бойынша кеңнен мақлыўмат бериў мақсетинде шөлкемлестирилген халықаралық билимлендириў көргизбеси жумыс баслады.
Көргизбеде Уллы Британия, Австралия, АҚШ, Канада, Қытай, Малайзия, Германия ҳәм басқа да Европа мәмлекетлериниң 30 дан зыят жоқарғы билимлендириў мәкемелери, Ташкент қаласында жайласқан халықаралық университетлердиң филиаллары ҳәм оқыў орайлары ўәкиллери қатнаспақта.
-Сырт елде оқыўды мақсет еткен басым көпшилик жаслар «Google» ден излейди ҳәм олар жүзлеген университетлердиң усынысларына дус келеди – дейди «EDU-EXPO» кәрханасының халықаралық бөлими менеджери Насиба Раупова,-Таңлаў көп болса жаслар қайсы бирин таңлаўды билмей қалады. Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет – сырт ел университетлеринде билим алыўды қәлеўши жасларға жақыннан жәрдем бериў, яғный университет ўәкиллери менен тиккелей байланыс жасаўына имканият жаратыў. Биз сырт ел университетлерин тартыўда халықаралық көрсеткиште тек күшли мыңлыққа киргенлерди ғана таңлап алдық. Өйткени олардың дипломлары мәмлекетимизде нострификациясыз қабыл етиледи. Студентлердиң қызығыўшылығы да есапқа алынады Сондай-ақ алдағы ўақытлары көргизбе ҳәр жылы еки мәртеден өткериледи. Көргизбемизге студентлерден басқа олардың ата-аналары да келип мағлыўмат алыўы мүмкин.
Илаж даўам етпекте.
Инобат Аҳатова, ӨзАның хабаршысы