Өзбекстан Республикасындағы 6 дөретиўшилик мектебинде билим алып атырған оқыўшылардың ең жақсы шығармалары жәмленген Ғайрат Мажид авторлығындағы «Fayz Print» баспаханасында жарық көрген «Бунда булбул китоб ўқийди» китабы баспадан шықты. Китаптан пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернаты оқыўшыларының да таңламалы дөретпелери орын алған.

13-март күни китаптың презентация кешеси өткерилип, Өзбекстан Жазыўшылар Аўқамы тәрепинен «Бунда булбул китоб ўқийди» китабы менен бирге 120 әдебий шығармалар мектеп-интернатына саўға етилди. Илажда Қарақалпақстан Жазыўшылар Аўқамының баслығы К.Каримов,  жазыўшы-шайырлар Б.Ерназаров, А.Әбдиев ҳәм басқалар қатнасып, Президентимиздиң басшылығында халықтың, әсиресе, жас әўладтың руўхый ҳәм  интеллектуаллық талапларын қанаатландырыўда китаптың тутқан орны менен  әҳмийетин және де арттырыўға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтип, жаңа китап бул бағдардағы жумыслардың әмелий көриниси екенлигине итибар қаратты.

И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернатының оқыўшылары қәлеминен дөреген поэзиялық ҳәм прозалық шығармаларды белгили шайыр, Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Рустам Мусурман өзбек тилине шеберлик пенен аўдарған.

– Китаплар бизлер ушын ең үлкен саўға. Сол ушын да Жазыўшылар Аўқамының саўғасынан оқыўшыларымыздың қуўанышы шексиз, – дейди мектеп-интернаттың китапханашысы Н.Мўминова. – Китапқумар ҳәм поэзияға дәслепки қәдемлерин қойып атырған жас шайырларға «Бунда булбул китоб ўқийди» китабы руўхый азық болды ҳәм шеберлик мектебин өтейди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.