АҚШ Президенти Дональд Трамп губернатор Гэвин Ньюстиң Калифорнияда өлим жазасын бийкар етиў бойынша идеясын сынға алды. Гэвин Ньюс штатта өлим жазасын бийкар етип, ҳүким етилгенлердиң жазасы жеңиллетилиўин жәрияламақшы.
«Жынаятшылар қолында қурбан болғанлардың шаңарақлары, соның ишинде, мен де, буны қоллап-қуўатламаймыз», деп жазады Трамп Twitterда. New York Times хабарына бола, ҳәзир Калифорнияда 700 ден аслам жынаятшы өлим жазасын орынланыўын күтип тур.
ӨзА