Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-июнь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекетлик басшылар кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасыў ушын Астана қаласына келди.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевты Астана халықаралық аэропортында Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Асқар Мырзахметов ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.
Саммитте ШБШға ағза мәмлекетлердиң басшылары шөлкемниң бүгинги жағдайын ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективаларын, регионаллық ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли машқалаларын додалайды.
Мәжилисте Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер арасында саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, ШБШның жумысын кеңейтиў, диний экстремизмге қарсы гүрести күшейтиў мәселелери көрип шығылады.
Астана қаласында ШБШның Ташкент саммити қарарларын әмелге асырыў бойынша Ҳиндстанды ҳәм Пакистанды шөлкем ағзалығына қабыл етиў процесин жуўмақластырыў режелестирилген.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ШБШ саммити шеңберинде өзи ушын ажыратылған орында Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Навоз Шариф, Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти Ашраф Ғани менен ушырасыўлар өткерди.
Пакистан Ислам Республикасының Бас министри Навоз Шариф пенен ушырасыўда еллеримиз арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны буннан былай да раўажландырыў перспективалары, регионаллық қәўипсизликти беккемлеў мәселелери додаланды.
Өзбекистан Пакистанның ШБШға ағза мәмлекет сыпатында қабыл етилиўин қоллап-қуўатлап, шөлкемге басшылығы даўамында бул мәселеге айрықша итибар қаратты.
Еллеримиз халықаралық майданда бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте. Өзбекистан ҳәм Пакистан арасында сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да салаларда мәмлекетлераралық, ҳүкиметлераралық ҳәм ведомстволараралық 50 ге шамалас ҳүжжетке қол қойылған. Елимизде Пакистан инвестициясының қатнасында 55 кәрхана жумыс алып бармақта.
Өзбекистан Пакистанға пахта талшығын, аўыл хожалығы өнимлерин, тери шийки затын, қара реңли металларды, қурылыс материалларын, транспорт ҳәм туризм хызметлерин эспорт етеди. Пакистан елимизге дәри қуралларын, химия ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жеткерип береди, транспорт хызметин көрсетеди.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Пакистан менен көп қырлы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў тәрепдары екенин атап өтти.
Пакистан Бас министри Навоз Шариф Пакистан Өзбекистан менен барлық салаларда бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти.
Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти Ашраф Ғанидиң ушырасыўында еллеримиз арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери додаланды.
Өзбекистан ҳәм Аўғанстан халықларының үрп-әдетлери менен дәстүрлери бир-бирине уқсас. Еки мәмлекет арасында жақын қоңсышылық байланыслары орнатылған, ҳәр қыйлы салаларда нәтийжели бирге ислесип келинбекте.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Аўғанстандағы жағдайды сиясий жол менен шешиў, елде турақлылықты тәмийинлеў, экономиканы раўажландырыў позициясында қатаң туратуғынын атап өтти.
Елимиз Аўғанстанға электр энергиясын, мийўе-овощ, нефть өнимлерин, минерал төгинлерди эспорт етеди. Қурылыс, энергетика, транспорт ҳәм билимлендириў салаларындағы жойбарларды әмелге асырыўда қатнасып келмекте. «Өзбекистан темир жоллары» акционерлик жәмийети тәрепинен Хайратоннан Мазари Шарифке шекем темир жол линиясы қурылған. Елимиздиң жәрдеминде Аўғанстанда көпирлер, жоқары вольтлы электр линиялары, оптикалық талшықлы кабель линиялары, суў тәмийнатының тармағы қурылған.
Президент Ашраф Ғани Аўғанстанда турақлы турмыстың тиклениўиндеги Өзбекистанның үлкен үлеси аўғанстанда жоқары қәдирленетуғынын атап өтип, бул ушын миннетдаршылық бирдирди. 2016-жылы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекетлик басшылары кеңесиниң Ташкент саммити шеңберинде еки ел басшыларының жоқары дәрежедеги ушырасыўында ерисилген келисимлердиң әмелге асқанынан мәпдар екенин атап өтти.
Ушырасыўда еллеримиз арасындағы сиясий, саўда-экономикалық, транспорт коммуникациялары, мәдений-гуманитарлық салалардағы байланысларды буннан былай да раўажландырыў перспективалары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиў, регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе тийкарғы мәселелер додаланды.
Өзбекистан Президенти Шавкат Мирзиёев Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Мәмлекетлик басшылары кеңесиниң мәжилиси мүнәсибети менен «Астана опера» Мәмлекетлик опера ҳәм балет театрында қойылған концертти тамашалады.
Шанхай бирге ислесиў саммитиниң тийкарғы илажлары 9-июньде болып өтеди.
А.ЎРОЗОВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршысы