Ирак. Иран Президенти Ҳасан Руҳоний Иракқа дәслепки рәсмий сапарын әмелге асырды.

 Россия.  Мәмлекеттиң Ишки ислер министрлиги Москва полициясы тәрепинен 18 жыл халықаралық дәрежедеги излеўде болған жынаятшы қолға алынғанлығын мәлим етти.

Альжир. Мәмлекеттеги ғалабалық наразылық митинглер тәсиринде ҳүкимет  отставкаға шыққанлығын хабарлады.

Брюссель. Европа аўқамы ҳәм Уллы Британия Ирландия шегарасы мәселесинде келисимге еристи.

Венесуэла. Мәмлекет бойлап жүз берген электр тәмийнатындағы айрықша үзилиске түсиў ҳәрекетлерине байланыслы айрықша жағдай жәрияланды.

Бразилия. Күшли жаўын-шашын ақыбетинде келип шыққан суў тасқынларында қайтыс болғанлардың саны 12 ге жетти.

 

Зуҳра Мирзабоева, ӨзА