Юридикалық шахсларға өзлери ислеп шығарған товарларды басқа юридикалық шахсларға ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге нақ пулда сатыўына рухсат берилди.

Ҳүкиметтиң айырым қарарларына өзгерислер киргизилгени ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Киргизилген өзгерислерге муўапық, юридикалық шахсларға өзлери ислеп шығарған товарларды басқа юридикалық шахсларға ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге нақ пулда сатыўына рухсат берилди. Бурын есап-санақлар тек ғана нақ пулсыз  тәризде әмелге асырылыўы мүмкин еди.

Онда, нақ пул көринисиндеги есап-санақлар бир шәртнама шеңберинде ең кем айлық мийнет ҳақының 100 есесине шекем (20 млн 273 мың сумға шекем) муғдарда да қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланған ҳалда әмелге асырылыўы керек.

Соның менен бирге, жоқарыда көрсетилген сумма шеңберинде буннан былай товарларды усақлап сатыў нақ пулда ямаса нақ пулсыз тәризде, соның ишинде, пластикалық карточкалар арқалы да әмелге асырылыўы мүмкин. Бурын товарлардың усақлап сатыў саўдасы тек ғана нақ пулсыз есап-санақ тийкарында әмелге асырылыўы керек еди.

Әмелдеги нызамшылыққа бола көтере саўда кәрханалары товарларды нақ пулсыз сатыўы мүмкин, бирақ онда нақ пулсыз есап-санақлар кәрхананың айлық товар айланысы улыўма көлемининиң 10 процент шеңберинде әмелге асырылыўы керек еди.

Өзгерислерге тийкарланып, товарларды нақ пулсыз сатыўда көтере саўда кәрханалары ушын белгиленген бул шеклеў бийкар етилди.

ӨзА