Әзелден ҳаял-қызларға ҳүрмет ҳәм итибар көрсетиў, ғамхорлық етиў миллий үрп-әдетлеримиздиң ажыралмас бөлеги есапланады. Олар бийкарға жасарыў ҳәм жаңаланыў пасылы – бәҳәрге теңелмейди. Мәмлекетимизде гөззал, ерк-ықрарлы, исбилермен, талантлы ҳаял-қызлар бәрқулла ҳүрмет-иззетке бөленеди.
Пайтахтымыздағы «Өзэкспосарай» миллий көргизбелер залында 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан Ўатанымыздың раўажланыўы жолында жемисли мийнет етип, жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында пидайылық пенен жумыс ислеп атырған ҳаяллар, талантлы қызлар, мәмлекетимизде жумыс алып барып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллери қатарындағы ҳаял-қызлар қатнасты.
Байрам қатнасыўшылары дәслеп Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументи – Бахытлы ана ҳәйкелине гүл қойды. Ташкент қаласының дыққатқа ылайықлы орынлары менен танысты.
Салтанатлы илажда Президентимиз Шавкат Мирзиёев қатнасып, мәмлекетимиздиң ҳаял-қызларын байрам менен қутлықлады.
Халықтың разылығы, бәринен бурын, ҳүрметли аналар, ҳаял-қызлардың разылығына байланыслы екенлиги, олардың саў-саламат болып, бахытлы жасаўын тәмийнлеў барлық реформалардың тийкарғы мақсети ҳәм өлшеми екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысының буннан бир жыл бурын қабыл етилген «Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм шаңарақ институтын беккемлеў тараўындағы жумысларды туп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитети жумысын заман талабына сай жолға қойыў имканиятын берген болса, усы ҳүжжет пенен «Шаңарақ» илимий-әмелий изертлеў орайы путкиллей қайтадан, жаңадан шөлкемлестирилди.
Ҳүжжетке бола, ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийнлеў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысындағы орнын және белсендилигин арттырыўға байланыслы әмелий жумыслар түпкиликли жетилистирилди. Ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, жәрдемге мүтәж болған ҳәм аўыр социаллық аўҳалға түсип қалған ҳаял-қызлардың, сондай-ақ, майыплығы болған ҳаяллардың мәнзилли дизимлерин ислеп шығыў, оларға социаллық-ҳуқуқый, психологиялық ҳәм материаллық жәрдем көрсетиў бойынша әмелий жумыслар турмысқа кеңнен енгизилмекте.
Ҳәр еки шөлкем тәрепинен тиккелей шаңарақлар менен ислесиўге айрықша итибар берилмекте. Аймақларда үйме-үй журип, шаңарақларды, ҳаял-қызларды ойландырып атырған мәселелер терең талланып үйренилмекте.
Ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, олар арасында исбилерменликти раўажландырыў арқалы шаңарақлардың жақсы жасаўына тийкар жаратыў бойынша биргеликте көплеген жойбарлар турмысқа избе-из енгизилмекте. Шаңарақлардың беккемлигин тәмийинлеў мақсетинде орынларда «Келин-күйеў иновациялық мектеби» жумысы жолға қойылды. Бул бағдардағы әмелий илажлардың барлығы шаңарақлардың абаданлығы, ондағы социаллық, руўхый әдеп-икрамлылық орталығының турақлылығын тәмийинлеў, жаслардың санасын жетилистириўде әҳмийетли фактор болып хызмет қылып келмекте.
Мәмлекетимизде ҳаяллардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста тутқан орнын ҳәм абырайын арттырыў, перзентлеримизди миллий, улыўмаинсаныйлық пазыйлетлерге ҳүрмет руўхында, саламат ҳәм жетик инсан етип тәрбиялаў, елимизде алып барылып атырған реформаларды нәтийжели әмелге асырыў, халықтың абадандығын арттырыў бағдарындағы үлкен хызметлери мүнәсип сыйлықланбақта.
Президентимиздиң 2019-жыл 6-март күни қабыл етилген «8 март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни мүнәсибети менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, аўыл жожалығы, санаат, исбилерменлик, илим-техника, инновация, тәлим-тәрбия, денсаўлықты сақлаў, мәденият, көркем өнер ҳәм басқа да тараўларда айрықша жетискенликлерге ерисип, жемисли мийнет етип атырған бир топар ҳаял-қызлар ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды. Олардың арасында атақлы илимпазлар, шайыр ҳәм жазыўшылардың садық өмирлик жолдаслары да барлығы айрықша итибарға ылайық.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының усы жылдың 2-мартындағы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан жигирма сегиз қыз айрықша минез-қулкы, таланты, зийреклиги, интәкерлиги, оқыўдағы жетискенликлери ҳәм билимлендириў, илим, әдебият, мәденият, көркем өнер, спорт тараўларында ҳәм жәмийетлик жумысларда ерискен айрықша жетискенликлери ушын Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси болды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев қатнасыўшы ҳаял-қызларға жоқары сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырды.
Байрам көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Зиёдулла Жонибеков,
ӨзАның хабаршысы