Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жыл 10-март күни Аддис-Абеба аэропортынан ушып шығыўда самолёттың қулаўы ақыбетинде экипаж ағзалары ҳәм жолаўшылар, соның ишинде, БМШ системасының 19 хызметкери қайтыс болғаны мүнәсибети менен Эфиопия Президенти Сахле-Ворк Зевде ҳәм БМШ Бас хаткери Антониу Гуттеришке терең ҳәмдәртлик пенен кеўил билдирди.
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети хабар берди.
ӨзА