Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Ташкент қаласындағы мәмлекетлик емес телеканаллардың дөретиўшилик жәмәәти ушын идеалық-көркемлик жақтан өзбек миллий қәдириятларына үнлес, халқымыз әсиресе, жасларымыздың руўхый эстетикалық талғамын арттырыўға қаратылған медиа контент таярлаў факторларына арналған илаж өткерди.
Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациасы менен биргеликте өткерилген илажда «Mening yurtim» телеканалының дөретиўшилик жәмәәти, журналистлер, «Маьрифат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзалары қатнасты.
Идеялар гуреси күшейген ҳәзирги дәўирде менталитетимизге сай идеологиялық иммунитетти қәлиплестириўде телевидениениң орны ҳаққында пикир-усыныслар билдирилди. Бул бағдарда «Mening yurtim» телеканалында әмелге асырылып атырған жумыслар, табыслар ҳәм кемшиликлер ҳаққында айтылды.
Атап өтилгениндей, мәмлекетлик емес телеканалларда эфирге берилип атырған айырым сериаллар, мазмунсыз көрсетиўлер ҳәм системада жол қойылып атырған кемшиликлер жәмийет интеллектине, соның ишинде жас әўлад тәрбиясына кери тәсир көрсетпекте. Бундай кемшиликлерге жол қойып болмайды.
Зухра Мирзабоева,
ӨзАның хабаршысы