Усы күнлерде Түркияның исбилермен топарлары ўәкиллеринен қуралған делегация мәмлекетимизде болмақта.
Делегация қурамында Түркияның энергетика, қурылыс, архитектура, дизайн, транспорт-логистика, мәлимлеме технологиялары, туризм, химия санааты сыяқлы тармақлар бойынша жетекши компаниялардың ўәкиллери бар.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм саўда-санаат палатасы тәренинен Түркияның ғәрезсиз санаатшылары ҳәм исбилерменлери ассоциациасы (MUSAID) менен биргеликте шөлкемлестирилген усы сапар етиў шеңберинде 25-февраль күни еки мәмлекеттиң исбилермен топарлары ўәкиллери саўда-инвестициялық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелерине арналған ушырасыў өткерди.
Сөйлесиўде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев, Саўда-санаат палатасының баслығы Адҳам Икромов, Түркия исбилерменлер платформасы вице-президенти Умер Карайел ҳәм басқалар шығып сөйледи.
Бугинги күнге келип Өзбекстан – Түркия саўда айланысы 2 миллиард долларға жетти ҳәм буны және де арттырыў бойынша еки тәрепте пайдаланылмаған имканиятлар оғада көп. Сондай-ақ, өткен жылы мәмлекетимизде Түркияның және 250 ден зыят компаниясы өз ўәкилханаларын ашты.
Ушырасыўда атап өтилгенинидей, Өзбекстан ушын халықаралық қаржы институтлары, атап айтқанда, Жәҳән банкиниң 3 миллиард долларлық, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң 8 миллиард долларлық кредит линиялары ашылған. Бул ресурслар түрк бизнес ўәкиллери менен бирге ислесиўди қаржыландырыўда үлкен әҳмийетке ийе болып есапланады. Буннан тысқары, қоспа жойбарлар ушын гранд қаржылары да бар.
Илажда Түркия бизнес ўәкиллери мәмлекетимизде орта ҳәм киши бизнести раўажландырыўда жедел бирге ислесиўге мирәт етилди.
-Мәмлекетимизде ЖИӨниң 60 проценти киши ҳәм орта бизнес үлесине туўра келеди,-деди Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығы А.Икромов.-Түркияда бул көрсеткиш 89-92 процентке тең. Биз түрк исбилерменлерин Өзбекстан эканомикасында орта ҳәм киши бизнестиң үлесин арттырыўда бирге ислесиўге шақырамыз.
Дөгерек сәўбетинде тәреплер туризм, энергетика, жеңил санаат, химия санааты, транспорт-логистика сыяқлы тараўлар бойынша бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша пикир алысылды. Мийманлар Өзбекстанда зыярат туризминиң потенциалына бағышланған презентация менен танысты.
-Өзбекстанға өз-ара саўда байланысларын кушейтиў мақсетинде келдик,- дейди Түркия исбилерменлер платформасы вице-президенти Умер Карайел.- Биз мәмлекетиңизде қолайлы инвестициялық орталық жаратылғанынан хабардармыз. Бул өз-ара бирге ислесиўди және де кеңейтиўде оғада әҳмийетли болып есапланады. Соны да атап өтиўди қәлер едим, Түркия исбилерменлери Өзбекстан келешекте Орайлық Азияның саўда-инвестициялық орайына айланыўында өзиниң жәрдемин аямайды.
Илаж шеңберинде еки мәмлекет исбилермен топарлары ўәкиллери арасында B2B форматта ушырасыў шөлкемлестирилди.
Малоҳат Ҳусанова,
ӨзАның хабаршысы