Бүгинги күнде республикамыздағы тоғай фондының жер майданы, жәми 5 миллион 751 мың 593 гектар болып, соннан,  тоғай менен капланған майдан 1 миллион 101 мың 698  гектарды қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетиниң бизге берген мағлыўматларына қарағанда, республикамыздың мәмлекетлик тоғай фондына тийисли  жерлерде тоғайзарлықларды көбейтиў мақсетинде өткен жыл даўамында сексеўил егиў жумыслары алып барылған. Сексеўил туқымынан өткен жыл ушын белгиленген тоғай егиў режеси 12644 гектар болса, егис жумыслары 13644 гектар жерде әмелге асырылып, реже 108% ке, нәлден тоғай егиў жобасы 6370 гектар болса,  5580 гектар жерге егилип, реже 88 % ке орынланған.

– Буннан басқа 3200 гектар жерде тоғайдың тәбийғый түрде көгериўине жәрдем бериў жумыслары алып барылмақта,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети Тоғай хожалығы бөлиминиң баслығы А.Аметов. – Туқымнан, нәлден ҳәм тоғайлардың тәбийғый түрде көгериўине жәрдем бериў усылында егилген майданның 19064 гектары Арал теңизиниң суўы қурыған ултанынан көтерилетуғын дузлы шаң-тозаңларды иркиў ҳәм еспе қумларды тоқтатыў мақсетинде егилди. Сондай-ақ, қосымша қәндим өсимликлери де егилди. Айырым көгериўшеңлиги төмен болған 3996 гектар майдандағы жас тоғайзарлықлардың арасын толықтырыў жумыслары алып барылды.

Белгиленген режеге муўапық, 1562 гектарлық тәбийғый ҳәм мәдений тоғайларда зыянкеслерге ҳәм кеселликлерге қарсы гуресиў мақсетинде арнаўлы илажлар әмелге асырылды. Механикалық усылда 1458 гектар жердеги тереклер ҳәкленип, басқа да жумыслар исленди. 457 гектар жерде биологиялық усылда қус уяларын қурыў жумыслары алып барылды.

Тоғай хожалықлары өзлериниң туқым таярлаў участкаларында 134050 килограмм туқым таярлады. Таярланған туқымлар егиў ҳәм нәлхана шөлкемлестириў ушын жумсалмақта. Туқымнан 141 гектарлық, қәлемшеден ҳәм нәлден 34 гектарлық жерге нәлханалар шөлкемлестирилди. Жетистирилген нәллеримиз тийкарында республикамыздағы мәкемелерди нәл менен тәмийинлеў режелестирилмекте.

Тоғайларда қәўипсизлик мәселесин шешиў үлкен әҳмийетке ийе. Сонлықтан, ол жерлерде пайда болыўы мүмкин болған өртлердиң алдын алыў мақсетинде тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Бажбанларымыз тийисли әсбап-үскенелер менен тәмийинленбекте (шит, бел, кетпен, балта, суў ҳәм жанар май сақлаўға арналған 20 литрлик канистрлер, бензопила, х.т.б). Олар хожалық кеңселеринде ҳәм тоғай төрешиликлеринде қатаң түрде сақланбақта ҳәм ҳәр айланбада (бажбанда) кеминде 500 литрлик суў сақлайтуғын ыдыслар көмилип қойылған.

Усының менен бир қатарда тоғай хожалығы қосымша имканиятлардан пайдаланыў мақсетинде дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеўди раўажландырыў мақсетинде реже бойынша тоғай хожалықларында боян тамырын таярлаў ушын квоталар алынып, өткен жылы 403 тонна боян тамырын таярлады, 364 гектар жер майданына плантация усылында боян тамыры егилди.

Ҳәзирги ўақытта, тоғай хожалығының дерлик барлық хызметкерлери Арал теңизиниң қурыған аймақларында тоғайзарлықларды пайда етип, жүз бериўи мүмкин болған айрықша жағдайлардың алдын алыў, сексеўил туқымын жыйнаў, егислик жер майданын таярлаў, егиў жумысларына белсене қатнаспақта.

Бүгинги күни, жәми 917,2 мың гектар жер майданы таярланып, соның 362,4 мың гектарына сексеўил туқымы егилди.

Әдилбай Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.