2019-жыл 19-февраль күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йўлдошев алып барды.

Кенгаш Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он сегизинши жалпы мәжилисин усы жылдың 28-февраль күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сенаттың жалпы мәжилиси күн тәртибине алып барылып атырған демократиялық реформалар ҳәм өзгерислердиң нәтийжелилигин тәмийинлеўге, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасын орынлаўға қаратылған Өзбекстан Республикасының бир қатар нызамлары киргизилген.

«Өзбекстан Республикасының сайлаў кодексин тастыйықлаў ҳаққында»ғы, «Пуқаралардың репродуктивлик саламатлығын сақлаў ҳаққында»ғы, «Жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилген айырым категориядағы шахслар үстинен административлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамлар солардың қатарына киреди. Сондай-ақ, сенаторлар айырым нызам ҳүжжетлерине ҳүкимет ағзаларының парламент алдындағы жуўапкершилиги күшейтилиўи, айырым мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысы, жынаят, жынайый-процессуаллық ҳәм административлик нызамның жетилистирилиўи мүнәсибети менен, сондай-ақ, жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасының нызамларын да көрип шығады.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте Сенат ағзалары Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман)ниң 2018-жылғы жумысы ҳаққындағы есабатты, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң 2018-жылы ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылықтың жағдайы ҳаққындағы мәлимлемесин тыңлайды.

Жалпы мәжилисте Қашкадәрья ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслердиң жумысы ҳаққындағы есабаты да тыңланады.

Сенаторлар физикалық шахслардың көшпес мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў, оларды салыққа тартыўға байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳәм усы тараўда ҳуқықты қолланыў әмелияты, сондай-ақ, улыўма билим бериў мектеплери сабақлықларының мәмлекетлик билимлендириў стандартлары  талапларына муўапықлығы бойынша ҳүкимет ағзалары парламентлик сораўларды жибериўге байланыслы мәселелерди додалайды.

Жалпы мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкилликлерине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылады.

Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының он сегизинши жалпы мәжилиске таярлық көриў және оны өткериўге байланыслы жумысларын муўапықластырыў ушын Кенгаш тәрепинен жумысшы топар дүзилди.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенаты

Мәлимлеме хызмети

 

ӨзА