«Өзбекстан темир жоллары» Акционерлик Жәмийети 2019-жылдың 1-мартынан баслап барлық жергиликли транспорт жөнелислеринде қатнайтуғын жолаўшы поездлар билетлериниң баҳасы ҳәм жергиликли қатнаўларда жүк тасыў тарифлери 20 процентке артатуғынын мәлим етти.

Жәмийеттиң мәлимлеме хызметиниң хабарында атап өтилиўинше, бул өзгерис «Афросиёб» тезжүрер поездларына тийисли емес.

Хабарда баҳалардың не себептен артқанына түсиник берилмеген.

ӨзА