Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў юридикалық шахс шөлкемлестирместен шуғылланыўы мүмкин болған жумыс түрлерине киргизилди.

Ҳүкиметтиң айырым қарарларына қосымшалар киргизилгенлиги ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Киргизилген қосымшаларға муўапық, қымбат баҳалы  металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў юридикалық шахс шөлкемлестирместен шуғылланыўы мүмкин болған жумыс түрлерине киргизилди.

Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў ушын жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықына лицензиялар Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен бериледи.

Бул қосымшалар 2019-жылдың 1-мартынан баслап күшке киреди.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 26-ноябрь күни «Қымбат баҳалы металларды алтын излеўшилер усылында қазып алыў жуысын әмелге асырыў ушын шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

ӨзА