Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ескертеди: Музыканың даўысын қайтарың!
Болмаса қосық ықласбентлериниң пүткил әўлады аудио қурылмалардағы музыканың бәлент ҳаўазынан еситиў қәбилетин жоғалтыўы мүмкин.
Бүгинги күнде дүньяда 466 миллион адам гереңликтен азап шекпекте. Бул көрсеткиш 2010-жылы 366 миллионды қураған. Демек, планетамызда еситиў қәбилетин жоғалтып атырған адамлардың саны жеделлик пенен артып бармақта.
«Евроньюс»тиң жазыўынша, Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми департаментиниң баслығы Шелли Чадла усындай қәўетер менен аудио қурылмалар ислеп шығарыўшыларға мүрәжат пенен шыққан.
«Биз қурылмаларға бәлент даўысларды автоматикалық тәризде шеклейтуғын, төменлететуғын ҳәм ата-ана қадағалаўы функцияларын киргиземиз» делинеди мүрәжаттан келтирилген силтемеде.
ЖДСШның мағлыўматлары бойынша, жәҳәнде 1,1 миллиардға шамалас жаслар (12 ден 35 жасқа шекем болғанлар) дем алыў ҳәм кеўилашар орынлардағы музыканың шаўқымы себебинен еситиў қәбилетин жоғалтыў қәўпине дус келмекте.
Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзА