АҚШ қаржы министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, Америка мәмлекетиниң қарызлары тарийхта биринши мәрте 22 триллион доллардан асқан.
Атап өтилиўинше, бүгинги күнде мәмлекет қарызларының муғдары улыўма есапта 22,012 триллион долларды қурамақта.
«USA Today»дың жазыўынша, Дональд Трамп Президентлиги мүддетинде АҚШтың мәмлекетлик қарызлары жоқары пәтлерде өсип бармақта. Басылым бул жағдайға себеп сыпатында Америкада өткен жылы өткерилген салық реформасы ҳәм қорғаныў қәрежетлериниң артып атырғанын көрсеткен.
Бурынырақ, 2018-финанс жылында АҚШтың бюджет дефицити 17 процентке артып, 779 миллиард долларды қурағаны мәлим етилген еди. Прогнозларға қарағанда, бул көрсетикиш 2020-финанс жылында триллион долларға жетеди.
Малоҳат ҲУСАНОВА,
ӨзА