Усы жыл 11-12-февраль күнлери АК «Микрокредитбанк» Қарақалпақстан филиалы ҳәм Аймақлық пахта терминалында Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының шөлкемлестириўинде «Тутыныўшының ҳуқықы бәрқулла нызам қорғаўында» атамасындағы қоспа мәжилис болып өтти.

Илажда Федерацияның, банк филиалының ҳәм Аймақлық пахта терминалының хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте, Федерация ҳәм оның район(қала)лық жәмийетлери тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей бул илаж, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы «Елимизди демократиялық жаңалаў процесинде пуқаралық жәмийети институтларының ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм оған тийкарланып берилген тийисли көрсетпелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

Усы тийкарда дүзилген режеге муўапық орынларда пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў, халықтың машқалаларын системалы түрде үйрениў ҳәм анық шешимин табыўда нәтийжели жәмийетлик қадағалаўдың орнатылыўын тәмийинлеў мақсетинде социаллық шериклик тийкарында Федерацияның Таяныш топарлары (басланғыш шөлкемлери) шөлкемлестирилмекте.

– Таяныш топарларын дүзиўден тийкарғы мақсет – жәмийетлик тийкарда кәрхана ҳәм шөлкемлерде Федерацияның өз ўәкиллери болыўын тәмийинлеў,-дейди Федерация қәнигеси Э.Ибраймова. – Ол арқалы орынларда жумыс ислеп атырған пуқаралардың өз орнында шешилиўи мүмкин болған гейпара мүрәжатларының жоқары шөлкемлерге берилиўиниң алдын алып, тез ҳәм өз орнында шешилиўин тәмийинлеў, шөлкем басшылары менен бирге ислесиўди жолға қойыў болып есапланады.

Режеге тийкарланып өткерилип атырған усындай илажлар даўамында жаңадан бес мыңға шамалас жәмийет ағзаларын қабыл етиў күтилмекте.

Мәжилисте, таяныш топар ҳәм оның тәртип-қағыйдалары туўралы түсиниклер берилип, усы мәкемелерде дүзилетуғын Таяныш топарлар бойынша тийисли шешим қабыл етилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.