Министрлер Кабинетиниң «2019-жылы нызам жойбарларын ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Бағдарламаға муўапық, «Аўыл хожалығына арналмаған жер участкаларын меншиклестириў ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Атап өтилиўинше, бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-январьдағы ПФ-5635-санлы пәрманы менен тастыйықланған 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 68-бәнтинде нәзерде тутылған.

Атап өтилиўинше, жойбарда юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың имаратлары ҳәм қурылыслары менен бәнт болған жер участкаларын меншиклестириў тәртиби нәзерде тутылады.

Нызам жойбарын ислеп шығыў бойынша жуўапкер атқарыўшы – Экономика ҳәм санаат министрлиги, Әдиллик министрлиги, «Давергеодезкадастр» комитети, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Министрлер Кабинетине усыныў мүддети – 2019-жыл 1-апрель, Нызамшылық палатасына киргизиўдиң мүдетти – 2019-жыл 1-май.

Еслетип өтемиз, алдынырақ жер участкаларын меншиклестириўге рухсат берилген еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги